Дүнья көлеминде теңсиз болған қол урысы шеберлеримиз мүнәсип күтип алынды

247

Ислам Кәримов атындағы Ташкент халықаралық аэропортында Түркияның Бурса қаласында болып өткен қол урысы бойынша жәҳән чемпионаты ҳәм Грецияның Лутраки қаласында шөлкемлестирилген VIII «Пүткилжәҳән спорт ойынлары – 2025» жарысында табыслы қатнасқан Өзбекстан сайланды командасы салтанатлы түрде күтип алынды.

Бул мәресимде Өзбекстан Ҳуқық қорғаў уйымлары қол урысы федерациясының басшылары, ҳәр қыйлы министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, кең спорт жәмийетшилиги, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери және спортшы ҳәм тренерлердиң ата-аналары қатнасты.

Усы жерде сайланды командамыздың еки ири халықаралық жарыста көрсеткен жоқары нәтийжелерине қысқаша тоқтап өтиў орынлы.

Соның ишинде, 30-майдан 1-июньға шекем Түркияның Бурса қаласында өткерилген үлкенлер арасындағы жәҳән чемпионатында 32 мәмлекеттен келген 300 ден аслам спортшы қатнасты. Қуўанышлы тәрепи сонда, Өзбекстан сайланды командасы бул абырайлы турнирде 8 алтын, 3 гүмис ҳәм бронза медалын қолға киргизип, улыўма командалық есапта биринши орынды ийеледи.

Буннан тысқары, 3-8-июнь күнлери Грецияның Лутраки қаласында өткерилген VIII «Пүткилжәҳән спорт ойынлары – 2025» шеңбериндеги қол урысы жарысларында 15 мәмлекеттиң сайланды командалары өз-ара күш сынасты. Қызғын ҳәм кескин беллесиўлер астында өткен жарыста Өзбекстан ўәкиллери 13 алтын, 3 гүмис ҳәм 1 бронза медалын қолға киргизип, улыўма командалық есапта биринши болды. Сондай-ақ, турнир даўамында 5 халықаралық категориядағы төрешилеримиз беллесиўлерди табыслы басқарып барды.

Дүнья жүзилик спорт ойынлары ҳәр еки жылда бир мәрте өткерилетуғынын атап өтиў керек. 2023-жылғы жарыс Италияда өткерилип, онда қол урысы беллесиўлери бағдарламаға киргизилген еди. Сол жарыста да Өзбекстан миллий сайланды командасы 30 дан аслам мәмлекет ўәкиллери арасында 7 алтын ҳәм 1 гүмис медальды қолға киргизип, улыўма командалық есапта биринши орынды ийеледи.

– Қол урысы бойынша VIII «Пүткилжәҳән спорт ойынлары – 2025» ҳәм жәҳән чемпионатының -90 кг салмақ категориясындағы беллесиўлеринде алтын медальды қолға киргизип, халқымыз ҳәм тренерлеримиздиң исенимин ақлағанымнан оғада қуўанышлыман, – дейди Оғабек Жуманиязов. – Бундай жақсы нәтийжелер мәмлекетимиз басшысы тәрепинен елимизде барлық спорт түрлери қатарында қол урысы спортына да көрсетилип атырған жоқары итибардың нәтийжеси болып есапланады. Сонлықтан, соңғы жыллары Өзбекстан миллий сайланды командасы қол урысы бойынша дүнья жүзи көлеминде жетекши орынларды ийелеп келмекте. Келешектеги ири халықаралық жарысларда да минбердиң ең жоқары текшелеринен орын аламыз, деп исенемиз.

Жавоҳир Тошхўжаев,  ӨзА