Халыққа қолайлық жаратыў жолындағы әҳмийетли қәдемлер

211

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов Қытай мәмлекетинен келген “Datatek technology co.,ltd” “Datatek Group” компаниясының баслығы Рай Ҳунг басшылығындағы делегацияны қабыллады.

Ушырасыўда тәреплер республикамызда жәмийетлик транспорт инфраструктурасын модернизациялаў, экологиялық таза транспорт қураллары, заманагөй төлем системаларын енгизиў ҳәм халықаралық тәжирийбелерди жергиликли шараятқа бейимлестириў бойынша өз-ара пикир алысты.

Сондай-ақ, делегация ағзалары елимизде жәмийетлик транспорт тараўында алып барылып атырған реформаларды қоллап-қуўатлап, өзлериниң заманагөй технологиялар ҳәм финанслық ресурслар тийкарында ири жойбарларды әмелге асырыўға таяр екенлигин билдирди.

Сөйлесиўлер даўамында еки тәреплеме бирге ислесиў шеңберинде биринши басқышта заманагөй автобусларды сатып алыў ҳәм санлы басқарыў системаларын енгизиў бойынша биргеликтеги жойбарларды ислеп шығыў көрип шығылды.

Бул ушырасыў еки тәреплеме байланысларды буннан былай да беккемлеў, жәмийетлик транспортты заманагөйлестириў ҳәм халыққа қолайлық жаратыўға хызмет ететуғын әҳмийетли қәдем болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги