Егистен алдын жерди таярлаўдың әҳмийети үлкен

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы баслығының орынбасары О.Махмадалиев “Хожели” шегара бажыхана постында болып, пост аймағында әмелге асырылып атырған абаданластырыў жумыслары менен танысты.
Гүз мәўсиминде бул жерге 1100 түп саяманлы ҳәм мийўели терек нәллери егилген болыўына қарамастан, аймақтың қыйын климатлық шараяты ҳәм жердиң шорланыўынан олардың үлкен бөлеги көгермей қалғанлығын атап өтиў керек.
Сонлықтан, басқарма басшылары тәрепинен аймақты көклемзарластырыў ҳәм экологияны қорғаў мақсетинде, заманагөй агрономиялық усыллардан пайдаланыў усыныс етилди.
Тереклердиң түрлери ҳәм олардың өсиўи ушын зәрүр шараятлар жаратыў мәселелери додаланды.
Сондай-ақ, аймақтың қыйын ықлым шараяты, жериниң жағдайынан келип шығып, оған сай тереклерди отырғызыў ҳәм жерге қайта ислеў бериў, декоратив таслардан пайдаланыў бойынша усыныслар берилди.
Абаданластырыў жумысларына Қарақалпақстан Республикасы Абаданластырыў басқармасының қәнигелери де тартылып, пост аймағындағы шорланған жерлерди жуўыў ҳәм көклемзарластырыў, өнимдарлығын арттырыў бойынша алдағы жумыслар келисип алынды.
Топырақлардың шорын жуўыўдан алдын, жерлерди арнаўлы техникалық қураллар жәрдеминде толық жумсартыў, тегислеп суўғарыў ҳәм мәкке, суданкаларды егиў арқалы гүз мәўсимине терек нәллерин егиўге таярлаў бойынша зәрүр илажлар көрилетуғын болды.


Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги