«Арал» ҳәм «Жайҳун» Про-лигада нешинши орында келмекте?

247

7-8-июнь күни футбол бойынша Өзбекстан Про-лигасында 8-тур ойынлары болып өтти.

Усы тур шеңберинде Нөкистиң «Жайҳун» командасы өз майданында турнир жетекшиси Ташкенттиң «Локомотив» клубы менен ушырасты.

Ойын күтилгениндей кескин ҳәм қызықлы ўақыяларға бай болып, ушырасыўдың 6-минутында «Жайҳун» командасы ойыншысы Бегис Куўанышбаев «Локомотив» дәрўазасын анық нышанға алды ҳәм ойындағы есапты ашыўға миясар болды.

Буннан соң ташкентли футболшылар да есапты теңлестириў ушын бир қатар ҳүжимлер шөлкемлестирди ҳәм усындай ҳүжимлердиң бирин қайтарыўда командамыз сәрдары Рашид Аразов қарсылас футболшыны шығанағы менен урып тоқтатып қалды ҳәм ойын төрешиси тәрепинен қызыл карточка менен жазаланды.

Ушырасыўдағы бул үстинликтен нәтийжели пайдаланған «Локомотив» клубы футболшысы Мухриддин Зоиров 41-минутта «Жайҳун» командасы дәрўазасына гол урып, ушырасыўдағы есапты теңлестириўге еристи.

Екинши таймды нөкисли футболшылар да қәўипли ҳүжимлер менен баслады ҳәм усындай ҳүжимлердиң биринде «Локомотив» клубы футболшысы К.Ҳаннанов футболшымызды қопаллық пенен тоқтатып, ойын төрешиси тәрепинен екинши мәрте сары карточка менен жазаланды ҳәм майданнан шетлетилди.

Буннан соң еки команда ағзалары да ойындағы есапты өзгертиўге ҳәрекет етти. Бирақ, олардың бул ҳәрекетлери босқа кетти ҳәм ойын 1:1 есабы менен жуўмақланды.

Ал, республикамыздың бас командасы есапланған «Арал» клубы болса, бул турда Ферғана ўәлаятына сапар етип, Ферғана мәмлекетлик университетиниң «ФАРДУ» командасын 0:1 есабында жеңип шығыўға еристи. Ушырасыўдағы жалғыз голды командамыз ҳүжимшиси Зулпиқар Қуўанышбаев урыўға миясар болды.


Өткерилген 8-турдан соң Нөкистиң «Арал» клубы 13 упай топлап турнир кестесинде 3-орынды ийелеп киятырған болса, «Жайҳун» командасы 8 упай менен 4-орынды ийелеп тур.

Енди 9-турда   «Арал»  клубы Ташкенттиң «Олимпик» командасы  менен, «Жайҳун» «ФАРДУ» ға қарсы сапарда ойынлар өткереди.

Командаларымызға әўмет яр болыўын тилеп қаламыз.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы