Бес айда 26 мың 541 жер участкасы ҳәм көшпес мүлкке кадастр паспорты таярланған

232

Қарақалпақстан Республикасында 2025-жылдың өткен 5 айы даўамында Мәмлекетлик кадастрлар палатасы басқармасы және оның аймақлық филиаллары тәрепинен 26541 жер участкасы ҳәм көшпес мүлкке кадастр паспорты таярлап берилген. Бул ҳаққында Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы хабар берди.

Қосымша етилиўише, Қарақалпақстандағы 41 325 жер участкасы ҳәм көшпес мүлкке болған ҳуқықлар мәмлекетлик дизиминен өткерилген.

Сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Републикасында жәми 476 165 дана кадастр ҳүжжетлери архивлерде сақланбақта. Соннан, 472 384 ҳүжжет электрон форматқа өткерилди.

– 2025-жылы Төрткүл, Беруний, Елликқала районларында заманагөй мобиль стелажлар орнатылып, Нөкис қаласы, Мойнақ, Қоңырат, Елликқала районларында архив кадастр ҳүжжетлерин номерлер бойынша қайта тәртиплестириў жумысларын әмелге асырыў режелестирилмекте,-дейди Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының бас қәнигеси Парахат Ажимуратов.

Өзбекстан Республикасының «Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларына ҳәм оларда қурылған имарат ҳәм объектлерге болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында»ғы Нызамы 2024-жыл 8-ноябрьде күшке кирди.

Усы Нызамға муўапық, ҳуқықларды тән алыў жумысларын аймақлар, мәҳәллелер кесиминде басқышпа-басқыш хатлаўдан өткериў жолы менен әмелге асырыў белгиленген. Хатлаў жумысларын шөлкемлестириў мақсетинде Кадастр агентлиги тәрепинен «ETIROF» мәлимлеме системасы ислеп шығылып, хатлаў өткерилетуғын аймақлардың, мәҳәллелердиң реже-графиги тастыйықланды ҳәм жәрияланды.

Хатлаў жолы менен анықланған имарат ҳәм курылмалар ҳаққындағы мағлыўматлар «ETIROF» бағдарламасына киргизиледи ҳәм ҳәр бир көшпес мүлк объекти бойынша тийисли министрлик ҳәм уйымлардан дүзилген жумысшы топар жуўмақларын береди ҳәм жоқарыдағы имаратлар 2018-жыл 1-май ҳалатына қурылған яки курылмағанлығы бойынша космослық сүўретлер жәрдеминде анализленеди.

Усы нызам тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қарары менен Шымбай, Кегейли, Тахтакөпир, Қараөзек ҳәм Әмиўдәрья районларындағы өзбасымшалык пенен қурылған турақ жайлар ҳәм артықша ийеленген жер майданларында қурылған курылыс және имаратларға қарап, 24 пуқараның турақ жай ҳәм жер участкаларына ижара ҳәм мүлк ҳуқықлары тән алынды.

Ҳәзирги ўақытта бул бағдардағы жумыслар даўам еттирилип, кадастр қәнигелери тәрепинен Қарақалпақстан Республикасында 30 368 дана көшпес мүлк имараты  хатлаўдан өткерилип, 10 257 объект «ETIROF» мәлимлеме системасына киргизилди.

Ал, 1191 объект ҳақкындағы мағлыўматлар kadastr.uz сайтында ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары имаратларында жәрияланды. 7583 дана объект ҳәзирги ўақытта додалаўда, 260 объект Әдиллик уйымлары тәрепинен үйренилмекте, 341 дана көшпес мүлк қайта көрип шығылмақта, 193 объект ийелериниң нызамда көрсетилген бир мәртелик төлемлерин төлеўи күтилмекте ҳәм 31 дана көшпес мүлк бойынша ҳуқықларын тән алыў ушын жергизикли кеңеслерге додалаўға киргизилген.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги