Мың гектарға шамалас майданға мийўели нәллер отырғызылады

Беруний районында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 30-декабрьдеги ПҚ-465-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде атыз шетлери, каналлар, суўғарыў ҳәм коллектор-дренаж тармақларының әтирапындағы майданларда, халықтың қыйтақ жерлери, шаңарақлардың ҳәм көп қабатлы турақ жайлардың алды ҳәм мәҳәллениң ишки көшелеринде аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўди шөлкемлестириў мәселелерине бағышланған семинар өткерилди.
Онда Беруний, Төрткүл ҳәм Елликқала районларынан Карантин агентлиги, Фермерлер кеңеси ҳәм басқа да бир қатар аўыл хожалығы тараўы ўәкиллери, дийқан-фермерлер ҳәм қыйтақ жер ийелери қатнасты.
Илажда усы қарардың мазмун-мәниси, белгиленген жеңилликлер түсиндирилип, атыз шетинен ҳәм коллектор-дренаж әтирапларынан нәтийжели пайдаланыў, егилген мийўе нәллерин ҳәм палыз егинлерин тәрбиялаў бойынша да мағлыўматлар берилди.
Семинарда аўыл хожалығы кооперацияларын шөлкемлестириў ҳәм жүргизиў, edu.karantin.uz платформасында оқытыў арқалы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелери ҳаққында да сөз етилди.
Президент қарары тийкарында республикамыз районларында атыз шетлериндеги 905 гектар майданға 890 мың түп мийўели нәллер егиў режеси тастыйықланған болып, соның ишинде, 453 гектар майданға 385 мың түп шийе, 91 гектар майданға 77 мың түп беҳи, 27 гектар майданға 30 мың түп жүзим, 181 гектар майданға 91 мың түп жийде, 154 гектар майданға 308 мың түп тут мийўели тереклерин егиў белгиленген.
Сондай-ақ, суўғарыў ҳәм коллектор-дренаж тармақлары әтирапына реже тийкарында 99 гектар жерге 97 мың түп мийўели нәллерди егиў прогноз етилип, атап айтқанда, 49 гектар майданға 42 мың түп шийе, 10 гектар майданға 8 мың түп беҳи, 3 гектар майданға 3 мың түп жүзим, 20 гектар майданға 10 мың түп жийде, 17 гектар майданға 34 мың түп тут мийўели нәллерин отырғызыў режелестирилген еди.
Бүгинги күнге келип, Қарақалпақстан Республикасында хожалық жүргизиўши субъектлер тәрепинен атыз шетлери, суўғарыў каналлары ҳәм коллектор-дренаж тармақлары әтирапындағы майданларға экспортқа мөлшерленген мийўели терек нәллери егилип, белгиленген реже толық орынланды.

Соның ишинде, 2025-жылы Беруний районында атыз шетлериндеги 101 гектар майданға ҳәм суўғарыў ҳәм коллектор-дренаж әтирапындағы 8 гектар майданға мийўе нәллери, палыз егинлери, овощлар ҳәм собықлы өсимликлер егилген. Бул егилген нәллер аймақларға бириктирилген фитосанитариялық қадағалаў мәмлекетлик инспекторлары тәрепинен мониторингтен өткерилип, мониторинг нәтийжелери бойынша мағлыўматлар “E-Fito” бағдарламасындағы “Атыз қадағалаўы” платформасына толық киргизилип, дизимге алынған.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги