«Әмиўдиң аққуўы» еске алынды

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты музейинде Өзбекстан ҳәм Қарақалпапқстан халық артисти, қарақалпақ халқының туңғыш балеринаси Замира Даўлетмуратова туўылғанының 70 жыллығы мүнәсибети менен «Әмиўдиң аққуўы» атлы еслеў кешеси болып өтти.
Илажға З.Даўлетмуратованың кәсиплеслери ҳәм заманласлары қатнасып, оның дөретиўшилиги ҳәм өмир жолы ҳаққында пикир-усыныслары менен ортақласты. Ҳәр бир айтылған сөз, еске алынған ўақыя –бийтәкирар балеринаның балет көркем өнерине қосқан шексиз үлесинен дәрек берип турды.
Даўлетмуратова Замира Турдымуратовна (1955-жыл 21-июнь – 2016-жыл 6-июль) – Қарақалпақстанның биринши профессионал балеринасы. Ташкент хореография билим журтын ҳәм А.Я.Ваганова атындағы Ленинград билим журтын тамамлаған. 1975-жылдан Әлийшер Наўайы атындағы Өзбек мәмлекетлик академиялық опера ҳәм балет театрының балеринасы болып жумыс ислеген. 1999-жылдан театр балет труппасының репетиторы болған. Халықаралық ҳәм миллий балет таңлаўларының лауреаты. Ол өзиниң дөретиўшилик мийнет жолында театр сахнасында белгили шығармаларда ықласбентлерине балет ойынларын усынған. Бир неше шәкиртлер таярлап, дөретиўшилик жолының даўамлы болыўына тийкар салып кеткен.

Еске түсириў кешесине Қарақалпақстан Республикасы мәденият министри Б.Темирбаев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги