Өзбекстан- Қытай: Бирге ислесиў қатнасықлары кеңеймекте

438

Соңғы жылларда Өзбекстан ҳәм Қытай арасында стратегиялық шериклик қатнасықлары кеңейип, көплеген тараўларда бирге ислесиў қатнасықлары  раўажланып бармақта. Соның менен бирге, парламентлераралық қатнасықлар тараўында да белгили бир келисимлерге ерисилмекте.

Қытай Халық Республикасы Халықаралық дослық ассоциациясы баслығының орынбасары  Цзян Цзян Олий Мажлис Нызамшылық палатасына  келди. Мийманларды төменги палатаның Халықаралық ислер, қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитетиниң баслығы Улуғбек Шерматов күтип алды. Бул ҳаққында Нызамшылық палатасының баспасөз хызмети хабар берди.

Ушырасыўда соңғы жыллары мәмлекетлеримиз арасындағы дослық ҳәм барлық шараятларда ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықлары беккемленип атырғаны айрықша атап өтилди. Ҳүкиметлер, парламентлер, сыртқы сиясат ҳәм тармақ уйымлары дәрежесиндеги байланыслар сезилерли дәрежеде жеделлескени, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиў жедел раўажланып атырғаны атап өтилди.

Сөйлесиў даўамында У.Шерматов мийманларға жаңа редакциядағы Конституция ҳәм “Өзбекстан – 2030” стратегиясы шеңберинде әмелге асырылып атырған реформалар, Нызамшылық палатасының структуралық дүзилиси, оның нызам дөретиўшилиги бағдарындағы жумысы ҳаққында толық мағлыўмат берди.

Конструктивлик ҳәм өз-ара исеним руўхында болып өткен сөйлесиў ўақтында еки мәмлекет арасындағы парламентлераралық байланысларды буннан былай да раўажландырыў ҳәм оны жаңа басқышқа алып шығыў, өз-ара тәжирийбе алмасыў мәселелери додаланды.

М.Комилова, ӨзА