Бүгин тереклерди кестик, ертең көлеңкени қайдан табамыз?!

Биз ҳәр күни тәбият пенен жасаймыз, бирақ оған қандай тәсиримиз бар? Биз теректи кесиў, шығындыны жерге таслаў, суўды ысырап етиў менен жасап атырғанымызда, биз негизинде өзимиздиң кейинги әўладымыздың турмысын бузып атырғанымызды умытамыз. Жер бизики емес – бул бизиң балаларымыздики. Ҳәм олар бул планетаны бизден қандай жағдайда алады деген сораў бүгин ҳәр биримизди ойландырыўы керек. Соңғы 100 жыл ишинде адамзат технологиялық раўажланыўға еристи, санаат революциясынан баслап урбанизация күшейди, экономикалық раўажланыў алға илгериледи. Бирақ бул раўажланыў тәбият есабынан жүз берди. Бүгин жасап атырған дүньямыз – тоғайлары кесилген, ҳаўасы патасланған, суўлары азайған ҳәм климаты изден шыққан бир дүнья.
БМШ мағлыўматларына бола, ҳәр жылы дүньяда 10 миллион гектардан аслам тоғай жоқ етиледи. Бул дегени – ҳәр секундта футбол майданы көлеминдеги жасыл аймақ жоғалмақта. Бул тек ғана бир терек емес – бул тоғай ишинде жасайтуғын мыңлаған ҳайўанлардың үйи ҳәм ең әҳмийетлиси – адамзат дем алатуғын ҳаўа дәреги. Климат өзгериўи болса адамзат тарийхындағы ең глобал экологиялық кризис сыпатында қаралмақта. 2023-жылы дүнья бойынша орташа температура санаат революциясы дәўирине салыстырғанда 1,5°C ға көтерилди. Бул музлықлардың ериўи, теңиз қәддиниң көтерилиўи, қурғақлықлар ҳәм күшли ыссы толқынлардың көбейиўине алып келмекте. Нәтийжеде миллионлаған адамлар қашыўға мәжбүр болмақта. Пластикалық патасланыў болса және бир үлкен машқала болып табылады. Ҳәр жылы 300 миллион тоннадан аслам пластик ислеп шығарылады, оның үлкен бөлеги океанларға түседи. Болжаўларга қараганда, 2050-жылга келип океанларда балықларга қараганда көбирек пластикалық ыдыслар болыўы мүмкин. Бул санлардың барлығы бизге соны айтпақта: биз тәбиятты сақламай атырмыз, ал оны пайдаланып атырмыз. Бирақ бул жер тек ғана бүгинги әўладтики емес. Бизден кейин жасайтуғын перзентлеримиз, ақлықларымыз да усы тәбиятта жасаўды қәлейди. Олар биз қалдырған патас ҳаўа, суўық климат, өмирин жоғалтқан дәрьяларға көнлигиўге мәжбүр бола ма?
Эколог-қәнигелердиң атап өтиўинше, егер экологиялық машқалаларға ҳәзир итибар берилмесе, 2030-жылға келип Жер планетасында турмыс сапасы кескин төменлейди. Сол себепли экологияны сақлаў – бул тек ғана тәбият қорғаўшыларының емес, ал ҳәр бир пуқараның жеке жуўапкершилигине айланыўы керек.
Адамзат узақ жыллар даўамында тәбиятқа өзиники сыпатында қарады – шексиз ресурс сыпатында қарады ҳәм оны үнемлемей жумсады. Бирақ бул қатнас – надурыс. Негизинде биз тәбиятты ўақытша басқарамыз, оны келешек әўладлар ушын сақлаўымыз шәрт. Бүгинги экологиялық машқалалар – климаттың өзгериўи, биологиялық көптүрлиликтиң азайыўы, суў жетиспеўшилиги – булардың барлығы жыллар даўамында жол қойылған итибарсызлық нәтийжеси болып есапланады. Тәбият бизге хызмет етиў ушын жаратылмаған, керисинше биз оны қәдирлеўимиз ҳәм әўладларымыз да таза ҳаўадан нәпес алыўы ушын қәстерлеп сақлаўымыз зәрүр. Егилген ҳәр бир терек, қайта исленген пластик, үнемленген суў бул тек ғана бүгинниң емес, ал ертеңниң де жеңиси. Келешек әўлад бир күни бизге былай деп айта алыўы керек: “Бул планетаны бизиң келешегимиз ушын сақлап қалғаныңыз ушын, рахмет.”
Енди болса таңлаў сизде: изиңизде самал ҳәм шаң қала ма – ямаса жасыл өмир ме?
Шоира Хайтбаева
ҚМУ, журналистика қәнигелигиниң 1-курс студенти
Қарақалпақстан хабар агентлиги