Жумыслар өз ўақтында үйренилмекте

458

Төрткүл районы ҳәкими И.Худайбергенов райондағы денсаўлықты сақлаў системасы ҳәм билимлендириў орынларындағы жумысларды жеке өзи үйрениў мақсетинде бир қатар мәкемелерде болды.

Районлық медицина бирлеспесине барып, аймақлық денсаўлықты сақлаў мәкемелеринде халық ушын жаратылған шараятлар, атап айтқанда, санластырылған хызмет көрсетиў системасында жаратылып атырған қолайлықлар менен жақыннан танысты.

Районның 63-санлы улыўма билим бериў мектебине әмелге асырылған сапары шеңберинде ҳәким жазғы дем алыс дәўиринде жаслардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў, оларды китап оқыўға тартыў, мектеп китапханасының жумысы ҳәм усы бағдарда алып барылып атырған шөлкемлестириў жумыслары менен танысты,- деп мағлыўмат береди Төрткүл районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.

Бул ўйрениў жас әўладты руўхый жақтан жетилистириў, китапқумарлық мәдениятын арттырыў, санлы хызметлер арқалы медицина ҳәм билимлендириў системасында нәтийжелиликти тәмийинлеўде үлкен орын ийелейди.

Төрткүл районында халықтың турмыс сапасы ҳәм жаслар тәлим-тәрбиясы бағдарында алып барылып атырған жумыслар турақлы итибар орайында екени және бир мәрте көрсетилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги