Қыйтақ жер дәрамат дәреги болып, оннан өнимли пайдаланып, мийнет еткенлер шаңарағына  қосымша дәрамат таўып, сап пайда көрмекте. Әлбетте, буның ушын адам мийнеттен қашпай, жердиң тилин бирип, ҳәрекет етиўи керек.

Әмиўдәря районы Алмазар мәҳәллесинде жасайтуғын Бахтиёр Қаландаров 2018-жылдан берли шаңарақлық ыссыханасында мийнет етип, ол арқалы дәрамат алып келмекте. Тасланды ҳалда жатырған 5 сотых жер майданында шөлкемлестирилген ыссыханада бүгин түрли палыз егинлери  жетистирилмекте. Шаңарақлы 4 адамның бәнтлиги тәмийинленип, қыйтақ жерден жақсы дәрамат алынып атыр.

Сондай-ақ, ол  пал ҳәррешилик жумысы менен де шуғылланады.  25 пал ҳәрре қутысы арқалы жетистирилген пал өнимлери де шаңараққа қосымша дәрамат дәреги. Исбилерменге Президентимиз тәрепинен  2023-жыл 14-сентябрьде қабыл етилген  “Киши бизнести раўажландырыўды қаржылай  ҳәм институционаллық қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында”ғы қарары тийкарында 100 миллион кредит қаржысы ажыратылыўы шаңарақлық исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаўға хызмет еткен.

-Мәмлекетимизде исбилерменлер ҳәм фермерлер ушын кең имканиятлар жаратылмақта. Шаңарақлық исбилерменлик жумысымыз ушын алған кередитимиз, жумысларымыздың жақсы раўажланыўы ушын хызмет етпекте. Мине, қыйтақ жерден жетистирген өнимлеримизди ишки базарға сатып, алған қосымша дәраматымызды жақсы күнлеримзге жумсап атырмыз. Сондай-ақ, пал ҳәррешилиги менен де шуғылланып, оннан таўып атырған дәраматымыз жаман емес. Пал денсаўлыққа пайдалы болыўы менен бирге, ҳәррелер егинлердиң, мийўелердиң гүллерин шаңландырыўда үлкен   әҳмийетке ийе,-дейди Бахтиёр Қаландаров.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги