Азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўде халықаралық бирге ислесиў әҳмийетли

Мәмлекетимизде аўыл хожалығын раўажландырыў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм турақлы экономикалық өсиўге ерисиў мақсетинде халықаралық бирге ислесиў байланыслары избе-из беккемленбекте.
Усы бағдарда БМШтың Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (ФАО) менен әмелге асырылып атырған бирге ислесиў жойбарлары бир қатар әҳмийетли тараўларды қамтып алып, аўыллық жерлердеги потенциалды жүзеге шығарыў, ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм инвестициялық орталықты жақсылаўға хызмет етпекте.
Экономика ҳәм қаржы министрлигинде БМШтың Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми инвестиция орайының директоры Муҳаммад Мансури басшылығындағы делегация ўәкиллери менен өткерилген ушырасыўда бул ҳаққында сөз болды.
Ушырасыў ўақтында тәреплер аўыл хожалығы, азық-аўқат қәўипсизлиги, климатқа бейим инвестициялар, турақлы жер ҳәм суў ресурсларынан пайдаланыў ҳәм финанс инклюзивлик сыяқлы тийкарғы бағдарларда пикир алысып, жаңа басламаларды додалады. Онда аймақлар кесиминде бар экономикалық потенциалды жүзеге шығарыў, инфраструктура имканиятларын жақсылаў арқалы жеке меншик сектор инвестицияларын тартыў әҳмийетли мәселе болып есапланады.
Онда қатнасыўшылар аўыл хожалығы ҳәм суў ресурсларын басқарыў бағдарында ири стратегиялық инвестициялық режелерди әмелге асырыў зәрүрлигин атап өтти.
Бизге белгили, БМШтың ФАО шөлкеми дүньяда азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, ашлықты сапластырыў ҳәм аўыл хожалығын турақлы раўажландырыў мақсетинде жумыс алып баратуғын халықаралық шөлкем болып есапланады. Оның Инвестиция орайы болса ағза мәмлекетлерде нәтийжели жойбарларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўға жәрдем берип келмекте.
Тәреплердиң пикирине бола, ресурслардан нәтийжели пайдаланыў, ирригация системаларын модернизациялаў ҳәм заманагөй агротехнологияларды енгизиў арқалы өнимдарлықты арттырыў мүмкин. Жергиликли ислеп шығарыўшылардың халықаралық базарларға шығыўын тәмийинлеў, логистика шынжырларын раўажландырыў ҳәм экспортқа бағдарланған өнимлердиң түрин кеңейтиў де мақсетке муўапық.
– ФАО тәрепинен Өзбекстанда әмелге асырылып атырған жойбарлар бир қатар әҳмийетли техникалық ҳәм аналитикалық бағдарларды қамтып алған. Соның ишинде, саўда бойынша аналитикалық изертлеўлер, шарўашылықты раўажландырыўда техникалық жәрдем, ирригация системаларын модернизациялаў, климатқа бейим регионаллық ҳәм глобал баҳа шынжырларын беккемлеў солардың қатарына киреди. Бул ушырасыў өз-ара бирге ислесиўди және де беккемлеў ҳәм әҳмийетли жойбарлар бойынша сөйлесиўди даўам еттириўге және бир әҳмийетли қәдем болды, – деди министрликтиң басқарма баслығының орынбасары Одил Усаров.
ӨзА