Уллы әдебиятшы илимпазға ҳүрмет көрсетилди

230

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде елимизде қарақалпақ тили ҳәм әдебияттаныў илиминиң раўажланыўына өзиниң салмақлы үлесин қосқан уллы тулғалардың бири Өзбекстан  ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына хызмет көрсеткен илим ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, филология илимлериниң докторы, профессор Сражатдин Ахметовтың ҳүрметине бағышланған «Профессор Сражатдин Ахметовтың илимий мийрасы»  атамасындағы еслеў кешеси болып өтти.

Кешеге университет басшылары, Қазақстан Республикасы Шахмардан Есенов атындағы Каспий технологиялар ҳәм инжиниринг университети президенти Берик Ахметов, устаздың шәкиртлери, жақынлары ҳәм илимпазлар қатнасты.

Илажды университет ректоры, академик Ахмед Реймов ашты ҳәм алып барды.



Кешеде Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы К.Каримов, илимпаздың шәкирти филология илимлериниң докторы, профессор Қ.Оразымбетов, физика-математика илимлериниң докторы, профессор Қ.Исмайлов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, илимпаздың қарақалпақ әдебияттаныў илиминиң раўажланыўына қосқан үлеси, филология илиминде тутқан орны, жас әўлад тәрбиясындағы хызметлерин айрықша атап өтти.

Илаж даўамында профессор Сражатдин Ахметовтың бай илимий мийрасы, илимий мақалалары, монографиялары, оқыў қолланбалары, сондай-ақ, оның тилтаныў, әдебияттаныў, аўдарма теориясы ҳәм көркем пикирлеўге байланыслы изленислери ҳаққында терең таллаўлы пикирлер билдирилди. Атап айтқанда, университеттиң филология факультети профессор-оқытыўшылары ҳәм илимий излениўшилери тәрепинен профессордың илимий көзқараслары, оның избасарлары жетилистирип берген илимий мектеби ҳаққында сөз етилди.

Еслеў кешеси даўамында профессордың өмири ҳәм жумысына бағышланған көргизбе шөлкемлестирилип, онда оның қолжазбалары, фотосүўретлери, илимий жумыслары көрсетилди. Бул болса қатнасыўшыларға тек ғана илимий емес, ал адамгершилик пазыйлетлери менен де итибарға ерискен устаздың жарқын келбетин және бир мәрте жақыннан сәўлелендирди деп айта аламыз.

-Усындай ушырасыў кешеси арқалы уллы илимпаздың бай илимий мийрасы және бир мәрте еске алынып ғана қалмастан, ал, жас әўлад қәлбинде устазға болған ҳүрмет ҳәм садықлық, илимге болған қызығыўшылық және де артады,-дейди илимпаздың шәкирти филология илимлериниң докторы, профессор Қ.Оразымбетов. Әлбетте, бундай илажлардың өткерилиўи елимизде илим тараўы ҳәм  зыялылардың мийрасына болған итибардың айқын көриниси десек болады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги