Әзербайжанда “Өзбекнефтьгаз” АЖның “жасыл мүйеши” қурылды

Бүгинги күнде глобал көлемде экологиялық турақлылық, климат өзгериўине қарсы гүресиў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәселелери энергетика тараўындағы әҳмийетли бағдарлардан бирине айланған. Ири санаат компаниялары өз жумысында ESG (экология, жәмийет, корпоратив басқарыў) принциплери тийкарында турақлы раўажланыў мақсетлерин әмелге асырыўға айрықша итибар қаратпақта.
Усы көзқарастан, Әзербайжан Республикасының пайтахты Бакуде өткерилген дәстүрий Баку энергетика ҳәптелиги шеңберинде әмелге асырылған экологиялық баслама айрықша әҳмийетке ийе. Атап айтқанда, “Baku Expo” орайы аймағында өткерилген көклемзарластырыў акциясы дүнья энергетикасы ҳәм нефть-газ тараўы қатнасыўшылары арасындағы социаллық жуўапкершилик ҳәм қоршаған орталыққа абайлы қатнас белгиси болып есапланады.
Бул акцияда “Өзбекнефтьгаз” акционерлик жәмийетиниң делегациясы да белсене қатнасып, терек ҳәм гүллер егиў арқалы экологиялық ҳәрекетке өз үлесин қосты. Бул баслама шеңберинде дүньяның 50 ге шамалас мәмлекетинен келген делегациялардың ўәкиллери қатнасты. Бул болса экологиялық бирге ислесиўдиң халықаралық көлемдеги әҳмийетин және де беккемледи.
“Өзбекнефтьгаз” акционерлик жәмийети мәлимлеме хызметиниң басшысы Мўмин Ибодовтың атап өткениндей, экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, жәмийет алдындағы жуўапкершиликти арттырыў ҳәм “жасыл” энергетикаға өтиў жолындағы бундай басламалар тек ғана әмелий әҳмийетке ийе емес, ал келешек ушын таза орталық жаратыўға қаратылған ҳәрекетлердиң үзликсиз даўамы болып есапланады.
Бүгинги күнде “Baku Expo” орайы аймағында “Өзбекнефтьгаз” АЖ атынан терек ҳәм гүллер менен безелген арнаўлы “жасыл мүйеш” бар екенлигин айтып өтиў орынлы. Бул компанияның тек ғана экономикалық ҳәм технологиялық потенциалын емес, ал жәмийет ҳәм тәбият алдындағы жуўапкершилигин де көрсетеди. Бул арқалы “Өзбекнефтьгаз” АЖның турақлы раўажланыўға болған садықлығы, ESG принциплерине әмел еткен ҳалда халықаралық майданда белсене қатнасып атырғаны және бир мәрте өз тастыйығын тапты. Бул экологиялық баслама тек ғана жасыл аймақлардың санын арттырыў емес, ал жәмийетте экологиялық мәдениятты арттырыў, экологиялық жуўапкершиликти қәлиплестириў бағдарында да әҳмийетли қәдем болып хызмет етеди, – деди ол.
ӨзА