Шымбайлы ҳәм мойнақлы жаслар бас сыйлық ушын гүрести

Нөкис қаласында спорттың волейбол түринен жаслар арасында «Бес баслама олимпиадасы» жарысының Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти.
Қызғын беллесиўлерге бай болған жарыс жуўмағында, 16-21-жастағылар арасында биринши орынды Мойнақ районындағы Қазақдәрья елатының жаслары жеңип алыўға миясар болды.
Ал, сыйлы екинши ҳәм үшинши орынлар Шымбай районындағы Қос терек аўыл пуқаралар жыйыны менен Әмиўдәрья районындағы Тош ёп аўылы жасларына несип етти.
22-30 жас аралығындағы командалар арасындағы жарыстың финалында болса, Шымбай районындағы Таза жол елатының жаслары қазақдәрьялы жасларды жеңип шығыўға еристи.
Ал, сыйлы үшинши орынды Қоңырат районы Моншақлы мәкан пуқаралар жыйыны командасы қолға киргизди.
Жарыс жуўмағында жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалар менен бирге, жарыстың Өзбекстан Республикасы басқышына жолламаны қолға киргизди.

Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы