Миграция мәселесиндеги келисимниң орынланыўы додаланды

194

Миграция агентлиги басшысы Беҳзод Мусаев ҳәм Италияның Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық хуқықлы елшиси Пьергабриеле Пападиа де Боттини арасында ушырасыў болып өтти.

Сөйлесиўде Италияның бас министри Жоржа  Мелони ханымның  усы жылдың 29-майдағы мәмлекетимизге  рәсмий сапары шеңберинде қол қойылған Миграция ҳәм мобиллик ҳаққындағы келисим меморандумының орынланыўы ҳәм оны әмелиятқа енгизиў мәселеси додаланды.

– Меморандум тарийхый ҳүжжет, оның үстинде көп исленди, келисимди тезирек турмысқа енгизиў тәрепдарымыз, – деди елши Пьергабриеле Пападиа де Боттини. – Миграция әҳмийетли бағдар саналады, Өзбекстан болса тараўдағы  бай тәжирийбеси менен Орайлық Азиядағы бирге ислесиўшилер ушын  үлги бола алады.

Сондай-ақ, Италияда инженерлик, туризм ҳәм аўыл хожалығы сыяқлы тараўларда маман  қәнигелерге талап жоқары екени атап өтилди. Италия тәрепи 2026-жылдан баслап, өзбекстанлыларға 1 мың 500 бос жумыс орны ушын квота ажыратылғанын  мәлим етти.

Ҳәзир Италияда нызамсыз статустағы Өзбекстан пуқарасының жоқ екенлиги, бирге ислесиўди және де әмелге асырыўға үлкен  түртки  болатуғынын атап өтиў зәрүр.

ӨзА