Жас қутқарыўшыларымыздың Бухарадағы табысы

235

Бухара ўәлаятында улыўма орта билим бериў мектеплери ҳәм кәсип-өнер билимлендириў орынлары оқыўшылары арасында ҳәр жыл сайын өткерилип киятырған «Жас қутқарыўшы» кеўиллилер әскерий-спорт жарысларының республикалық басқышы өткерилди.

Бул жарысқа мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан, соның ишинде Қарақалпақстан Республикасынан да еки команда қатнасты.

Қызықлы өткен әскерий-спорт жарысы жуўмағында, белгиленген шәртлерди  талапқа сай түрде орынлап, барлық қарсыласларынан үстин келген Нөкис қаласындағы 1-санлы политехникумының «Жайҳун» командасы  профессионал билимлендириў оқыў орынлары арасында биринши орынды ийелеўге миясар болды.

Ал, улыўма орта билим бериў мектеплери арасында өткерилген беллесиўлерде болса, Беруний районындағы 54-санлы улыўма билим бериў мектебиниң «Мададкор» командасы сыйлы 2-орынды ийелеўге еристи.

-Өткен жылы өткерилген жарыста командамыз ағзалары Қарақалпақстанда биринши, Өзбекстанда екинши орынды ийелеген еди,-дейди Нөкис қаласындағы 1-санлы политехникумы директоры Маҳмуд Сейтбеков.-Ал, быйыл бул жарысқа таярлықларды және күшейтип, биринши орынды ийелеўге еристик. Бизлер буннан оғада қуўанышлымыз.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы