Ветеран палўанларымыздың Қазақстандағы табысы

298

Жақында Қазақастанның Алматы қаласында еркин ҳәм грек-рим гүреси бойынша ветеран спортшылар аарасында «Ардагер алаңы» атамасында халықаралық турнир болып өтти.

Быйыл үшинши мәрте өткерилип атырған бул абырайлы жарысқа Қазақстанның барлық аймақларынан тысқары,  АҚШ, Россия, Қырғызстан ҳәм Өзбекстаннан пүткил дүньяға белгили  палўанлар келип, жеңимпазлық ушын өз-ара беллести.

Қуўанышлы тәрепи сонда, бул халықаралық турнирде республикамыз палўанлары да қатнасып, бир қатар сыйлы орынларды ийелеўге миясар болды. Атап айтқанда, 130 кг салмақта еки гүрес бойынша да 56-60 жас арасындағы палўанлар арасында беллесиўлерге түскен Марс  Бахиев еки алтын, еркин гүрес бойынша жарысқа қатнасқан Кеңесбай Сариев 51-55 жас аралығындағы палўанлар арасында 78 кг да, 46-50 жас аралығында Азат Мырзамбетов 130 кг салмақ категориясында бас сыйлықларды жеңип алыўға миясар болды.

-1989-1997-жыллары еркин гүрес бойынша Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан чемпионатларында, бир қатар халықаралық турнирлерде жеңимпазлықты қолға киргизип, республикамыздың абырайын мүнәсип түрде қорғаған едик,-дейди жарыс жеңимпазларының бири Азат Мырзамбетов.-Буннан кейин бундай ири жарысларға қатнаспаған менен, өзимиздиң денсаўлығымыз ушын гүрес залларына барып шынығыўлар ислейтуғын едим. Соның пайдасы тийдиме, билмедим, усы жылдың 29-апрель ҳәм 1-май күнлери Оренбург қаласында атақлы палўан ҳәм тренер Юрий Семенович Черновтың  ҳүрметине өткерилген  Россия ашық кубогинде еркин гүрес бойынша 130 кг салмақ категориясында 3-орынды ийелеўге еристим. Россиядағы жарыста Дәўлетбай Минажатдинов ҳәм Кеңесбай Сариевлер финалға шекем жетип барып, гүмис медаль менен сыйлықланған болса, Қәдирбай Есбергенов қола медалын жеңип алды.


Ҳәзирги ўақытлары Бозатаў районы экономика ҳәм қаржы бөлими баслығының орынбасары болып ислеп атырған Азат Мырзамбетов жумыстан бос ўақытлары еркин гүрес пенен шуғылланыўды даўам етип, усы октябрь айында Венгрияда өткерилетуғын жәҳән чемпионатына қызғын таярлықлар көрмекте.

Адилбай Оразов, Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы