Узақ мүддетли бирге ислесиўге тийкар жаратылмақта

267

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетине Қазақстан Республикасы Шаҳмардан Есенов атындағы Каспий технологиялар ҳәм инженерлик университети президенти Б.Ахметов басшылығындағы делегация келди, – деп мағлыўмат береди ҚМУ Баспасөз хызмети бөлими.

Мийманлар миллий дәстүрлерге сәйкес түрде, нан-дуз бенен, миллий нама-қосықлар жаңлаўы астында салтанатлы күтип алынды. Сапар етиў бағдарламасы шеңберинде делегация университет ректоры, академик А.Реймов пенен ушырасып, еки тәреплеме байланысларды беккемлеў, илим ҳәм билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўди және де тереңлестириў мәселелерин додалады.

Ушырасыўда биргеликтеги билимлендириў бағдарламаларын енгизиў, профессор-оқытыўшылардың маманлығын арттырыўда тәжирийбе алмасыў, студентлер алмасыў бағдарламаларын шөлкемлестириў сыяқлы әҳмийетли темаларға айрықша итибар қаратылды. Сондай-ақ, оқыў-методикалық ресурслардан, илимий лабораториялардан биргеликте пайдаланыў, халықаралық илимий базаларда мақалалар басып шығарыў, илимий конференциялар ҳәм семинарларды биргеликте шөлкемлестириў имканиятлары да кеңнен додаланды.

Еки университет арасында бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм белгиленген бағдарларда әмелий жумысларды баслаў мақсетинде рәсмий бирге ислесиў шәртнамасына қол қойылды. Бул келисим еки жоқары оқыў орнының билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў тараўларындағы байланысларын жаңа басқышқа алып шығыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Бул сапар етиў еки жоқары билимлендириў мәкемеси арасындағы узақ мүддетли, турақлы ҳәм нәтийжели бирге ислесиўди раўажландырыў ушын беккем тийкар болып хызмет етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги