Японияда баспа үйлер дәўири басланды

272

Японияның Серендих атлы стартапы қурылыс тараўында революциялық қатнасты көрсетип, еки күнде таяр болатуғын заманагөй турақ жайларды усыныс етпекте. Бул футуристлик турақ жайлар үлкен 3D-принтерлер жәрдеминде қурылады ҳәм қысқа ўақыт ишинде пайдаланыўға тапсырылады.

Компанияның мағлыўматларына бола, 49 квадрат метр майданға ийе бундай жай тек  44,5 саатта қурып питкериледи. Бул мүддетке жер таярлаў ҳәм коммуникацияларды жалғаў жумыслары кирмейди. Яғный, тийкарғы конструкция, дийўаллар ҳәм структураның қәлиплесиўи 3D-принтер арқалы автоматластырылған түрде әмелге асырылады.

Үйдиң баҳасы 37 мың АҚШ долларына тең, бул болса Япония базарында еки бөлмели квартира ямаса заманагөй сырт ел автомобилиниң баҳасына тең. Бундай турақ жайлар тек ғана арзан ҳәм тез қурылатуғын емес, ал экологиялық ҳәм энергияны үнемлейтуғын вариант сыпатында да итибарды тартпақта.

Serendix компаниясы бул технология жәрдеминде турақ жай машқаласына нәтийжели шешим усыныс етиў, сондай-ақ, тәбийғый апатшылықлар ямаса айрықша жағдайларда оператив турақ жайларды тәмийинлеў имканиятларын да нәзерде тутпақта.

Мадинабону Насриева, Улуғбек Тўхтаев, ӨзАның хабаршылары