Өткен 5 жыллыққа жуўмақ жасалып, делегатлар сайланды

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Бас Кеңесиниң 2024-жыл 21-декабрьдеги «Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы тараўындағы кәсиплик аўқамлары шөлкемлеринде есабат-сайлаўларды өткериў ҳаққында»ғы қарары тийкарында, пайтахтымыздағы 22-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлимшесиниң 2020-2025-жыллар даўамында алып барған жумысларының жуўмағы ҳәм алдағы ўазыйпалары бойынша есабат-сайлаў I конференциясы болып өтти.
Конференцияда 2020-2025-жыллар даўамында алып барылған жумыслар ҳаққында Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлимшеси баслығы Муратбай Даўылбаевтың мәлимлемеси тыңланды.
Буннан соң бөлимше тексериў комиссиясының 2020-жыл декабрь айынан 2025-жыл май айына шекемги болған дәўирдеги есабаты тыңланды.
Конференцияда ҳәр еки есабат қанаатландырарлы деп табылды ҳәм тастыйықланды.









Әнжуманда делегатлар тәрепинен жабық даўыс бериў жолы менен Муратбай Даўылбаев Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлимшеси баслығы етип қайта сайланды.
Буннан соң бирлескен комитеттиң жаңа қурамы сайлап алынды.
Конференция жуўмағында Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық шөлкемине делегатлар сайланды.
Конференцияға Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесиниң баслығы У.Жалменов қатнасты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги