Өзбекстан-Қытай: таў-кән санааты ҳәм геология тараўында стратегиялық бирге ислесиў беккемленбекте

Таў-кән санааты ҳәм геология министрлигинде Қытайдың Шандун провинциясы вице-губернаторы Цон Сюнцзи басшылығындағы делегация ҳәм “Shandong Gold Group” компаниясының ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти.
Сөйлесиўлер ўақтында геология, металлургия ҳәм таў-кән санааты тараўларындағы еки тәреплеме бирге ислесиў мәселелери, Самарқандта шөлкемлестирилген Өзбекстан-Қытай екинши аймақлараралық форумының нәтийжелери ҳәм перспективалы инвестиция жойбарлары додаланды.

Министрликтиң мәлимлеме хызметине бола, “Shandong Gold Group” – Қытайдың алтын қазып алыў ҳәм қайта ислеў тараўларында арнаўлы жетекши компанияларынан бири болып, халықаралық көлемде де жумыс ислеп келмекте. Компания түрли мәмлекетлерде раўажланыў перспективалы жоқары болған жойбарларды әмелге асырмақта.
Сондай-ақ, Шандун провинциясы геология излеў ҳәм минерал ресурсларды өзлестириў бюросы Қытайдың жер асты байлықлары тараўындағы жетекши мәмлекетлик мәкемелеринен бири есапланады. Ол жер асты ресурсларын анықлаў, баҳалаў ҳәм инновациялық шешимлер тийкарында өзлестириў бағдарында үлкен тәжирийбеге ийе болып, халықаралық бирге ислесиўге айрықша итибар қаратады.
Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан Республикасы Таў-кән санааты ҳәм геология министрлиги, Шандун провинциясы геология излеў ҳәм минерал ресурсларды өзлестириў бюросы ҳәм “Shandong Gold Group” компаниясы арасында бирге ислесиў ҳаққында келисимге қол қойылды. Бул келисим еки тәреплеме қатнасықларды жаңа басқышқа алып шығыўы, биргеликтеги инвестиция жойбарларын әмелге асырыўға хызмет етиўи күтилмекте.
Н.Зиёдуллаева, ӨзА