Норвегия Халықаралық қатнасықлар институты менен бирге ислесиў жолға қойылды

213

Стокгольм қаласында Орайлық Азия халықаралық институты (ОАХИ) директоры Жавлон Ваҳобов Норвегия халықаралық қатнасықлар институты (NUPI)  Климат ҳәм энергетика бойынша  изертлеў топарының басшысы доктор Роман Вакульчук пенен ушырасыў өткерди.

Сөйлесиў ўақтында тәреплер Орайлық Азияда турақлы раўажланыў, энергетикалық өтиў ҳәм климат сиясаты бағдарларында  илимий, экспертлик бирге ислесиўин беккемлеў перспективасын додалады.

Доктор Вакулчук атап өткениндей, хром, марганец, қорғасын, цинк сыяқлы әҳмийетли элементлерге бай бизиң регионымыз қуяш панели, самал турбинасы ҳәм аккумулятор ислеп шығарыў ушын тийкарғы ресурс мәканы болып есапланады. Усы көзқарастан Орайлық Азия глобал энергетикалық өтиў шараятында усы стратегиялық шийки зат шынжырында әҳмийетли буўынға айланыў потенциалына ийе.

Өз гезегинде Ж.Ваҳобов жасыл экономиканы раўажландырыў ҳәм углерод ийисин азайтыўға қаратылған инфраструктуралық жойбарларға инвестиция тартыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер ОАХИ ҳәм  NUPI  арасында биргеликтеги изертлеў алып барыў, эксперт семинарларын шөлкемлестириў, таллаўлы материаллар алмасыў арқалы бирге ислесиўди тереңлестириўден мәпдар екенлигин билдирди. Бундай қатнасықлар Орайлық Азияда турақлы раўажланыў бойынша нәтийжели стратегия ислеп шығыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Норвегия халықаралық қатнасықлар институты сиясат, қәўипсизлик, энергетика ҳәм климат мәселелерине қәнигелескен  жетекши изертлеў  орайы болып есапланады. Бул мәкеме турақлы раўажланыў, халықаралық бирге ислесиў  процесине тәсир көрсететуғын глобал ҳәм регионаллық жойбарлар, басламаларды терең таллайды.

Ғ.Хонназаров, ӨзА