Нураний палўанлардыӊ табыслары

Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2024-жыл 20-декабрь күнги «Кураш миллий спорт түрин раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыўды жаңа басқышқа алып шығыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-450-санлы қарарына ҳәм Өзбекстан Республикасы Спорт министрлиги ҳәм кураш федерациясының 2025-жылғы календарь режеси тийкарында, Сурхандарья ўәлаятыныӊ Термиз қаласында миллий гүрес бойынша нураний спортшылар арасында Өзбекстан чемпионаты болып өтти.
Чемпионатта 36-45, 46-55, 56 ҳәм оннан жоқары жастағы нураний спортшылар арасында беллесип, онда республикамыз палўанлары да жақсы нәтийжелерди қолға киргизиўге миясар болды.
Атап айтқанда, 36-45 жас аралығында 70 кг салмақта Нөкисбай
– Данияров үшинши орынды ийелеген болса, 46-55 жастағы палўанлар арасында 70 кг салмақта Азамат Нурымов бас сыйлықты жеӊип алды. Ал, 80 ҳәм 90 кг салмақта Ахмет Бабаниязов пенен Равшанбек Халиковлар қола медалы менен сыйлықланды.
56 ҳәм оннан жоқары жастағы спортшылар арасында өткерилген беллесиўде 90 кг салмақта Фарҳад Аймановта үшинши орынды ийелеўге миясар болды.

-Өзбекстан чемпионатында жеңимпаз болған ҳәм сыйлы орынларды ийелеген нураний спортшылар Жәҳән чемпионатына қатнасыў ҳуқықына ийе болды,-дейди жарыс жеӊимпазы Азамат Нурымов.-Алдағы ўақытлары шынығыўларды және де күшейтип жәҳән чемпионы болыўға ҳәрекет етемен.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги