Қурбан ҳайыты байрамы мүнәсибети менен ишки саяхатларға шегирмелер жәрияланды
296

Туризм комитетиниң мәлим етиўинше, 6-8-июнь күнлери Қурбан ҳайыты байрамы мүнәсибети менен аймақларда жумыс алып барып атырған көплеген мийманханалар хызмет ушын 20 процентке шекем шегирмелер жәриялаған. Соны айрықша атап өтиў керек, бул шегирмелер ықтыярлы.
Сондай-ақ, “Вақф” қайырқомлық жәмийетлик фондына қараслы төлемли зыярат орынлары да шегирмелер бериўди режелестирген. Атап айтқанда, Қурбан ҳайыты байрамы күнлери майыплығы бар, жасы үлкен ҳәм жас балалар ушын зыярат етиў орынларына кириў бийпул етип белгиленди.
Бул шегирмелер халықтың қызықлы дем алыўы ушын шараят жаратыў ҳәм ишки туризмге саяхатшыларды тартыў мақсетинде енгизилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги