Өзбекстан-Қытай аймақлараралық форумы бирге ислесиўдиң жаңа перспективаларын ашты

224

Самарқанд қаласында екинши Өзбекстан – Қытай аймақлараралдық форумы болып  өтти.

Онда еки тәреп ҳукимет ағзалары, министрлер, аймақлар басшылары ҳәм исбилерменлери қатнасты.

Форумның  ашылыў мәресиминде Өзбекстан Республикасы Бас  министриниң орынбасары Жамшид Хўжаев, Қытай Халық Сиясий мәсләҳәт Кеңесиниң 14-шақырық мәжилиси баслығының орынбасары, ШБШның қоңсышылық, дослық ҳәм бирге ислесиў бойынша Қытай комитети баслығы Шэнь Юэюэ ханым шығып сөйлеп, Өзбекстан ҳәм Қытай  мәмлекет басшыларының белсенди ҳәм прагматикалық сыртқы сиясатлары, халықларымыз  арасындағы жақсы қоңсышылық ҳәм әзелий дослық қатнасықлары себепли   мәмлекетлеримиз арасындағы саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық  бирге ислесиў  жыл сайын раўажланып баратырғанын атап өтти.

– Өткен жыл январь айында Қытай Халық Республикасына әмелге асырылған жоқары дәрежедеги сапар мәмлекетлеримиз арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықлардың жаңа дәўирин баслап берди, – деди Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары  Жамшид Хўжаев. – Усы сапар даўамында Урумчи қаласында  биринши Өзбекстан- Қытай аймақлараралық форумы өткерилип, онда социаллық-экономикалық бирге ислесиў қатнасықларды кеңейтиў бойынша келисимлерге ерисилген еди. Бүгин Самарқандта өткерилип атырған екинши форумда Қытайдан мыңға шамалас ири компаниялардың ўәкиллери ҳәм исбилерменлер, өз гезегинде елимизден 1400 ден аслам исбилерменлер, фирма ҳәм компаниялардың басшылары қатнасып атырғаны аймақлараралық бирге ислесиў жедел раўажланып атырғанынан дәрек береди. Буны санлар да көрсетип тур. Атап айтқанда, кейинги бес жылда Өзбекстан ҳәм Қытай арасында саўда айланысы еки есеге артып, 2024-жылы 13 миллиард долларға жетти. 2017-жылға салыстырғанда Қытайдан Өзбекстанға тартылып атырған тиккелей инвестициялар бес есеге, қоспа кәрханалардың саны үш есеге артты. Химия, машина қурылысы, қурылыс материаллары, турмыслық техника, аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыў бойынша биргеликтеги жойбарлар табыслы әмелге асырылып келинбекте. Қытай компаниялары ушын айрықша имканият жаратыў мақсетинде аймақларымызда 8 Өзбекстан – Қытай санаат парки жумыс алып бармақта. Ҳәзирги ўақытта бундай парклерди және де көбейтиў үстинде жумыс алып барылмақта.

Қытайдың 10 нан аслам регионының басшылары Өзбекстанға келгени ҳәм Өзбекстаннан барлық ўәлаятлардың ҳәкимлери Қытайда болып, өз-ара бирге ислесиў байланысларын раўажландырыў бағдарында жедел ҳәрекет алып барып атырғаны, 20 дан аслам қала ҳәм регионлардың өз-ара досласқанын бирге ислесиўдиң жоқары динамикасы сыпатында тән алды.

Форумда Қытай Миллий сырт мәмлекетлер менен дослық аўқамының вице-президенти Цзян Цзян, “Қытай – Орайлық Азия” бирге ислесиў секретариатының бас хаткери Сун Вейдонг жыл сайын раўажланып атырған Өзбекстан – Қытай қатнасықлары тек ғана мәмлекетлеримиз емес, ал Орайлық Азия ушын да үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти. Сондай-ақ, усы жыл 1-июньнен Өзбекстан ҳәм Қытай пуқаралары ушын визасыз режим енгизилиўи де өз-ара бирге ислесиў байланысларын буннан былай да раўажландырыўға үлкен түртки беретуғыны атап өтилди.

Еки тәреп аймақларының басшылары болса бар ресурслар және экономикалық, инвестициялық имканиятлар ҳаққында мағлыўмат берип, исбилерменлерди бирге ислесиўге шақырды.

Буннан соң тәреплер арасында ҳүжжетлер алмасылды. Соның ишинде, Өзбекстан Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, Энергетика министрлиги ҳәм Сиан нефть университети арасында Өзбекстанда Сиан нефть университетиниң филиалын шөлкемлестириў ҳаққында келисимге, Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги ҳәм Сиан халықаралық изертлеўлер университети арасында билимлендириў тараўындағы аңласыў  меморандумына қол қойылғаны атап өтилди.

Форум қатнасыўшылары Өзбекстан ҳәм Қытай миллий өнимлери көргизбесиниң ашылыўында қатнасты.

Әнжуман шеңберинде саўда-экономикалық бирге ислесиў, инновациялар, технологиялар ҳәм жасыл экономика бойынша бизнес-форум, инженерлик тараўында билимлендириў ҳәм кадрлар таярлаў, Өзбекстан ҳәм Қытайдың тарийхый пайтахтларын сақлаў ҳәм раўажландырыўға жәрдемлесиў, сондай-ақ, қытай тилин халықаралық көлемде жоқары сапалы оқытыў мәселелерине бағышланған сессиялар өткерилди.

“Уллы жипек жолы – Өзбекстан ҳәм Қытай инновация ҳәм исбилерменлик бойынша бирге ислесиў” халықаралық ҳаял-қызлар форумында Өзбекстан ҳәм Қытай регионлары арасында инвестицияларды тартыў, исбилерменлик, саўда-экономикалық ҳәм илимий-техникалық бирге ислесиўди күшейтиўде ҳаял-қызлардың қатнасыўын кеңейтиў, ҳаял-қызлардың инновациялық басламалары ҳәм исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў және раўажландырыў мәселелери додаланды. Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Зулайҳо Маҳкамова ҳәм Қытай Халық Сиясий мәсләҳәт кеңесиниң 14-шақырық мәжилиси баслығының орынбасары, ШБШның қоңсышылық, дослық ҳәм бирге ислесиў бойынша Қытай комитетиниң баслығы Шен Юеюе ханым бул бағдарда исбилермен ҳаял-қызлар ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланатуғынын мәлим етти.

Форум даўамында “В2В”, “G2В” ҳәм  “G2G” ушырасыўлар, жойбарлар презентациялары ҳәм мәдений бағдарламалар да шөлкемлестирилди.

Ғолиб Ҳасанов, Алишер Исроилов (сүўрет), ӨзА хабаршылары