Волейболшы қызлар жеңимпазлық ушын беллести

Нөкис қаласында «Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде спорттың волейбол түринен қызлар арасында 16-21 ҳәм 22-30 жастағылар арасында Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти.
Қызғын беллесиўлерге бай болған жарыс жуўмағында, 16-21-жастағылар арасында биринши орынды Беруний районындағы Шаббаз аўыл пуқаралар жыйыны командасы жеңип алыўға миясар болды.
Ал, сыйлы екинши ҳәм үшинши орынлар Қараөзек районындағы А. Досназаров ҳәм Қоңырат районындағы Санаат мәкан пуқаралар жыйынлары жаслары ийелеўге еристи.
22-30 жастағылар арасында болса, Мойнақ районы Жайҳун мәкан пуқаралар жыйыны жасларына тең келетуғын қарсылас табылмады ҳәм олар жарыстың бас сыйлығы менен сыйлықланды.
Екинши ҳәм үшинши орынларды болса, Шоманай районындағы Мамый ҳәм Хожели районындағы Жүзимзар елатларының командаларына несип етти.






Жарыс жуўмағында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланып, биринши орын ийелери жарыстың Өзбекстан Республикасы басқышына жолламаны қолға киргизди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы