Президентимиздиң шығып сөйлеген сөзинде регионаллық қатнасықларды раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларына итибар қаратылды

Ҳәзирги ўақытта Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтпекте. Мәжилис алдында Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Спикери Н.Исмоилов өткен ҳәптеде мәмлекетимиздиң сыртқы сиясий турмысындағы әҳмийетли ўақыяларға тоқтап өтти.
– Италия Республикасы экономикалық ҳәм технологиялық потенциалға ийе мәмлекет сыпатында Өзбекстанның Европа Аўқамындағы әҳмийетли шериклеринен бири болып есапланады. Кейинги жылларда еки мәмлекет жетекшилериниң сиясий ерк-ықрары ҳәм әмелий ҳәрекетлери нәтийжесинде Өзбекстан ҳәм Италия арасындағы бирге ислесиў избе-из кеңейип бармақта. Жоқары дәрежедеги турақлы сөйлесиўлер өз-ара исеним ҳәм турақлы бирге ислесиў орталығын жаратпақта.

Бизге белгили, усы жылы 28-29-май күнлери мәмлекетимиз басшысының мирәт етиўине бола, Италия Республикасы Бас министри Жоржа Мелони рәсмий сапар менен елимизде болды. Бул сапар етиў еки мәмлекет арасындағы өз-ара исеним ҳәм мәпдарлыққа тийкарланған байланысларды буннан былай да беккемлеўге хызмет етти, десек дурыс болады.
Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерде Өзбекстан – Италия қатнасықларының барлық бағдарлары толық додаланды, өз-ара бирге ислесиўдиң жаңа перспективалары белгилеп алынды. Еки мәмлекет арасында Стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеў ҳаққындағы биргеликтеги декларация қабыл етилди.
Сиясий сөйлесиў, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы байланысларды кеңейтиў және жаңа имканиятлар жаратыўға қаратылған бир қатар әҳмийетли ҳүжжетлерге қол қойылды.
Бир сөз бенен айтқанда, Самарқанд қаласында дослық руўхында болып өткен сөйлесиўлер даўамында ерисилген ҳәр бир келисим узақ мүддетли ҳәм турақлы байланысларды тәмийинлеўге хызмет ететуғынына гүман жоқ.
Сондай-ақ, 30-май күни Қазақстанның Астана қаласында “Орайлық Азия – Италия” форматындағы саммит болып өтти. Онда мәмлекетимиз Президенти қатнасып, шығып сөйледи. Онда Өзбекстан сыртқы сиясаты ашық-айдынлық ҳәм конструктивлик сөйлесиў арқалы мәмлекетимиз ҳәм регионымыз мәплерин тәмийинлеўге қаратылғанын көрсетти, десек дурыс болады.
Мәмлекетимиз басшысының шығып сөйлеген сөзинде бүгинги глобал ҳәм регионаллық байланыслардағы тенденциялардан келип шығып, көп тәреплеме қатнасықларды раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларына айрықша итибар қаратылды. “Орайлық Азия – Италия” исбилерменлер клубын шөлкемлестириў, Санаат ҳәм технологиялық бирге ислесиў бағдарламасын қабыл етиў, Италияның жетекши брендлериниң қатнасыўында дизайн орайларын шөлкемлестириў, “Орайлық Азия – Италия” илимий-билимлендириў консорциумын шөлкемлестириў сыяқлы әҳмийетли усыныс ҳәм басламалар алға қойылмақта.
Президентимиз басламаларының мазмун-мәнисин ҳәм әҳмийетин орынларда үгит-нәсиятлаў және нызамшылық тараўында қоллап-қуўатлаў бойынша сиясий партиялар фракциялары, комитетлер ҳәм комиссиялар өз жумысларын жеделлестириўи керек, – деди Спикер.
Муҳтарама Комилова,
ӨзА