Жаңа дәўирдиң дөретиўшилер мектебинде

265

2025-жыл 15-май күни Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында мектеп билимлендириўи системасындағы реформалардың нәтийжелилигин және де арттырыў ҳәм келешектеги тийкарғы ўазыйпалар бойынша видеоселектор мәжилиси болып өткен еди.

Мәжилисте жаслардың бос ўақтын нәтийжели шөлкемлестириў мәселелери де көрип шығылып, бүгинги күни «Бәркамал әўлад» мектеплерине 350 мың баланың қамтып алынғанлығы атап өтилди.

Енди «Бәркамал әўлад» мектеплери, «Ёшлик» спорт жәмийети ҳәм Оқыўшы жаслар орайы бирден-бир системаға бирлестирилетуғыны белгиленди ҳәм бул орайлар толық оңланып, заманагөй, креатив бағдарлар тийкарында үскенелениўи, оларда шет тиллерин оқытыў, жасалма интеллект, программаластырыў ҳәм анимация сыяқлы жаңа заманагөй дөгереклер ашылатуғыны атап өтилди.

Сондай-ақ, мәжилисте оқыўшылар арасында туризмди раўажландырыў бойынша да жаңа система жаратылатуғыны ҳәм Қарақалпақстан, Хорезм, Самарқанд, Бухара ҳәм пайтахттағы «Бәркамал әўлад» мектеплеринде кеминде 100 орынлық «Балалар туристлик базасы» шөлкемлестирилетуғыны көрсетилип өтилди.

Жуўапкерлерге қызықлы туризм топламларын ислеп шығылып ҳәр жылы 1 миллион оқыўшыны Өзбекстан бойлап саяхатқа тартыў ўазыйпасы жүкленди.

«Бәркамал әўлад» балалар мектеплери жазғы дем алыс күнлеринде жаслардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў бойынша «Жаз-2025» концепциясы ҳәм «Әҳмийетли 90 күнлик реже» ислеп шығылды.

Усы әҳмийетли 90 күнлик шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы «Бәркамал әўлад» балалар мектеби тәрепинен ғалаба хабар қураллары хызметкерлери ушын Қоңырат районы «Бәркамал әўлад» балалар мектебине пресс-тур шөлкемлестирилди.

Онда журналистлер «Бәркамал әўлад» балалар мектебинде оқыўшы-жаслардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў ушын ашылған ҳәр қыйлы дөгереклердиң жумыслары менен жақыннан танысып, дөгерек басшылары ҳәм мектеп тәрбияланыўшылары менен жақыннан сәўбетлести.

-Мектебимизде жети бағдар бойынша яғный, «Өнерментшилик ҳәм қол өнери», «Техникалық конструкторлық ҳәм модельлестириў», «Туризм ҳәм экология», «Шет тиллер», «Денетәрбиясы ҳәм спорт», «Мәденият ҳәм көркем өнер», «Жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм мектепке таярлаў» бағдарларында 75 дөгерек болып, оларға 2520 оқыўшы қамтып алынған,-дейди мектеп директоры Мунира Матмуратова.- Соннан тармақ дөгереклериндеги 22 улыўма орта билим бериў мектеплеринде 1650 оқыўшы билим алмақта. Мектебимиздиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў мақсетинде, 2022-жылы Ашық бюджеттен 500 млн сум қаржы утып алып, бул қаржыға заманагөй компьютер, тигиў ҳәм кестешилик машиналарын, электрон тахта ҳәм басқа керекли үскенлерди сатып алдық. Ал, өткен жылы болса, Ашық бюджеттен  1 360 000 000 сум қаржы утып алып, оған қолы гүл қурылысшылар тәрепинен 12х24 өлешминдеги концерт залы қурып берилди. Бундай қолайлылықлардан нәтийжели пайдаланып киятырған оқыўшыларымыз ҳәр қыйлы таңлаўларға қатнасып, жеңимпазлықты қолға киргизбекте. Атап айтқанда, 2024-жыл 26-апрель күни «Бәркамал әўлад балалары» фестивалының Республикалық басқышында «Денетәрбия ҳәм спорт» бағдары бойынша шахмат дөгереги ағзасы М.Мажитов сыйлы екинши орынды ийелеген болса,  2024-жылдың 10-11-май күнлери Россияның Санкт-Петербург қаласында өткерилген Робототехника бойынша «Деталька 2024» жарысында мектебимиздиң робототехника жәмәәти сыйлы 1-орынды ийелеўге еристи. Робототехника дөгереги ағзасы Улуғбек Амангелдиев 2024-жыл 19-сентябрь күни Нөкис қаласында Республикалық «Бәркамал әўлад» балалар мектебинде өткерилген «Жас ойлап табыўшы» таңлаўында қатнасып, сыйлы 2-орынды ийелеген болса, кестешилик дөгерегиниң ағзасы Севара Адилжанова  «Language learning» таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышында 1-орынды ийелеп, таңлаўдың Әндижан қаласында болып өткен Өзбекстан Республикасы басқышына қатнасып, арнаўлы Диплом менен сыйлықланды.

Сол жылдың 3-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы көлеминде «СИРИУС» оқыў орайы ҳәм Нөкис әскерий гарнизоны менен биргеликте өткерилген Ментал арифметика бойынша ашық олимпиадада мектебимиз Ментал арифметика дөгереги ағзалары қатнасып, онда Жасмина Сапарбаева жоқары орынды ийелеп, жоллама арқалы  Қазақстан, Қырғызстан, Бирлескен Араб Әмирликлери ҳәм Түркияда болып өтетуғын олимпиадаларда қатнасыў имканиятын қолға киргизди.

20-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги жанындағы Республикалық «Бәркамал әўлад» балалар мектеби тәрепинен «Биз талант ийелеримиз» киберспорт жарысы өткерилди.

Жарысқа 10 жастан 16 жасқа шекемги оқыўшы жаслар командалық түрде қатнасты ҳәм мектебимиздиң «Қоңырат» командасы 3-орынды ийеледи.

Усылар менен бир қатарда, Қарақалпақстан Республикасы Бәркамал әўлад балалар мектеби ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы менен биргеликте өткерилген «Биз өртке қарсымыз!» таңлаўының Республикалық басқышында мектебимиздиң «Жас эколог ҳәм тәбияттаныўшы» дөгереги ағзасы Дамир Ниетбаев «Ең жақсы өрт қәўипсизлигине байланыслы сканворд (кроссворд)» бағдары бойынша 2-орынды ийелеп, диплом және баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Ал, 22-декабрь күни Ташкент қаласында болып өткен «Истеъдодли юлдузлар» республикалық таңлаўына мектебимиз «Эстрада вокаль» ҳәм дуўтар дөгереги басшылары Гамзат Икметов ҳәм Аллаберген Алимбаев қатнасып, 1-орынды ийелеген болса, 2025-жылдың март айында Ташкент қаласында болып өткен “European Stars”  халықаралық таңлаўында мектебимиздиң дөгерек басшысы Гамзат Икметов сыйлы 3-орынды жеңип алды.

Өткерилген илаж даўамында Қоңырат районы “Бәркамал әўлад” балалар мектебинде «Техника конструкторлық ҳәм модельлестириў»  бағдарындағы дөгерек ағзалары арасында «Роботлар урысы» таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық  басқышы өткерилип, таңлаў жуўмағында жеңимпазлар арнаўлы дипломлар менен сыйлықланды ҳәм таңлаўдың финаллық басқышына жолламаны қолға киргизди. Таңлаўға аймақлардан ҳәўескер дөгерек ағзалары өз роботлары менен қатнаспақта.

-Таңлаўды өткериўден тийкарғы мақсет, оқыўшылардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў, заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларына болған көнликпелерин қәлиплестириў, оларға кәсипке бағдарлаўға байланыслы билим ҳәм көнликпелерди сиңдириў, робототехника тараўында жаңа қолланба ҳәм қурылмаларды енгизиў, оқыўшылар арасынан қәбилетли балаларды анықлаў, оларды қоллап-қуўатлаў, оқыўшы-жаслардың социаллық белсендилигин және де арттырыў, инновациялық менеджмент, маркетинг ҳәм ИТ технологияларынан пайдаланған ҳалда заманласлары менен өз-ара тәжирийбе алмасыўды шөлкемлестириўден ибарат,-дейди Қарақалпақстан Республикасы «Бәркамал әўлад» балалар мектеби директорының орынбасары Дилфуза Казакова.

Өткерилген пресс-тур журналистлер ушын оғада тәсирли өтип, олар өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы