Кубок жеңимпазлары мүнәсип түрде сыйлықланды

249

Жасларды физикалық жақтан шынықтырыў, олардың спорт тараўындағы қәбилетлерин жүзеге шығарыўы ушын зәрүр шараятларды жаратыўға бағдарлаған илажлар республикамыздың басқа аймақларында болғаны сыяқлы, Қараөзек районында да әмелге асырылмақта.

Футбол бойынша Өзбекстан Республикасы «Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети» кубоги ушын шөлкемлестирилген жарыслар  усындай илажлардан бири болып есапланады.

Жарыстың сыйлықлаў кешесинде район ҳәкими А. Баймуратов шығып сөйлеп, бул илажлар аймақлардағы жаслардың саламатлығын беккемлеў ҳәм оларды ғалаба түрде спортқа қамтыў мақсетинде өткерилип атырғанлығын атап өтти.








Кешеде жеңимпаз командалар ҳәм арнаўлы номинацияларда ең күшли деп табылған ойыншылар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом, медаль, кубок ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Илажда республикамызға белгили эстрада қосықшылары тәрепинен қатнасыўшыларға концерт бағдарламасы қойып берилди.

Сыйлықлаў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш. Отемисов қатнасты.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы