Энергия нәтийжелилиги үйренилди

260

Беруний районында энергия нәтийжелилигин арттырыў ҳәм экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеўге қаратылған илажлар избе-из әмелге асырылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 1-апрельдеги ПҚ-133-санлы қарарының орынланыўы шеңберинде Бас прокуратура басқарма баслығының орынбасары С.Ачилов ҳәм Беруний районы прокуроры М.Атаджанов басшылығындағы жумысшы топар ағзалары райондағы бир қатар объектлерде үйрениў жумысларын алып барды, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлиминиң баслығы А.Уразова.

Атап айтқанда, “Беруний Агро Қурилиш” ЖШЖ тәрепинен қурылып атырған көп қабатлы турақ жайларда заманагөй ҳәм энергияны үнемлейтуғын “Еко ысытыў қазанлары” орнатылмақта. Бул ысытыў системасы имарат ишиндеги электр энергиясы менен толық ислейди, бул болса тәбийғый газден пайдаланыўды азайтыў арқалы әҳмийетли экономикалық нәтийжеге ерисиў имканиятын береди.

Сондай-ақ, жумысшы топар ағзалары “Уста Базарбай” ЖШЖ тәрепинен Тоқимачи мәҳәллесинде орнатылып атырған 300 кВт қуўатлылыққа ийе қуяш панельлери жойбары менен танысты. Сапар даўамында фермер хожалықларының жер майданларында жайластырылған қуяш энергиясы үскенелери – соның ишинде, “Ниятулло Азизбек” фермер хожалығы аймағындағы 20 кВт қуўатлылыққа ийе панельдиң жумыс ислеўи ҳәм оннан пайдаланыў процесслери және үнемлилиги үйренилди.

Бул сапар етиўлер шеңберинде әмелге асырылып атырған жойбарлар энергияны үнемлеў, экологиялық тазалыққа ерисиў ҳәм халықтың қолайлы турмыс тәризин тәмийинлеў жолындағы әҳмийетли қәдемлерден бири сыпатында атап өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги