Нуранийлар ҳүрметке бөленип, саяхатта болып қайтты

Кекселерди ҳүрметлеў, оларға бәрқулла итибарлы, меҳирли болыў бул ата-бабаларымыздан киятырған қәдириятларымыздан есапланады. Олардың турмыс тәжирийбелеринде сыналған бийбаҳа үгитлери шаңарақлардың тыныш-татыў, абадан жасаўында, перзентлер тәрбиясында қаншелли зәрүр екенин ҳәммемиз жақсы билемиз.
ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң белсендилери ҳәм депутатлары тәрепинен де ҳүрметли ата-аналарымыз, мийнет нуранийларының турмысын мазмунлы ҳәм пайызлы етиў, олар ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыў, денсаўлығын беккемлеў бойынша бир қатар саўаплы жумыслар әмелге асырылмақта.
Әсиресе, кексе ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж инсанларды қоллап-қуўатлаў, олардың ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў ҳәм ишки туризмди раўажландырыў мақсетинде партия белсендилери тәрепинен кексе әўлад ўәкиллериниң елимиздеги тарийхый орынларға бийпул саяхаты шөлкемлестирилмекте.
– Ҳүрметли нуранийларымызды ҳәзирги дәўир жасларына сүйениш, устаз, елимиздиң уллы келешегине тилеклес деп билиўимиз керек. Олардың ақ пәтиялары жаслармыздың келешеги ушын әлбетте зәрүр. Бул түсиникти жәмийетке енгизиўди бәринен бурын, муқаддес динимиз, қалаберди, дәўиримиздиң талабы ҳәм усынысы деп билиўимиз керек, – дейди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Баҳодиржон Сидиков.
Ийгиликли баслама шеңберинде Қоңырат районындағы “Қаратал,” “Қумбыз,” “Бердақ,” “Моншақлы,” “Қашы,” “Алтынкөл” АПЖ, сондай-ақ, “Қаңлы,” “Әжинияз” ҳәм “Қыпшақ” МПЖ нуранийлары ушын усы жылдың 27-31-май күнлери Бухара, Самарқанд ҳәм Қазақстан Республикасының Түркстан қалаларына саяхат шөлкемлестирилди. Саяхат даўамында мийнети менен көпшиликке үлги болған нуранийларымыз тек ғана елимиздеги емес, ал қоңсы мәмлекеттиң, атап айтқанда, ески қалалардағы өзгерислер, дөретиўшилик жумыслары менен танысты, тарийхый естеликлерди зыярат етти.



– Депутатымыздың басламасы менен усы күнге шекем 200 ден аслам нураний Бухара, Хийўа, Самарқанд ҳәм Түркстан қалаларына саяхатқа барып қайтты, – дейди ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң аппарат баслығы Адип Айбергенов. – Ҳәзирги ўақытта Қоңырат районы нуранийларының Қазақстан Республикасы Түркстан қаласындағы халықаралық туристлик орайға саяхаты шөлкемлестирилмекте. Ҳәр жылы 50 нураний жаңа туристлик орай ҳәм қаладағы басқа да муқаддес орынларды зыярат етип келмекте. Буннан тысқары, ишки туризмди раўажландырыў мақсетинде елимиздиң Бухара, Самарқанд қалаларындағы зыярат орынларына да саяхатлар шөлкемлестирилди.
Нуранийлар саяхат даўамында үлкен өзгерислердиң гүўасы болды. Кекселердиң республика бойлап саяхаты ушын заманагөй ҳәм қолайлы автобуслар бириктирилди. Олардың азық-аўқат, жатақхана, музей ҳәм басқа да орынларға барыў қәрежетлери де депутат тәрепинен төленбекте.
– Алдын биз де қашан саяхатларға барамыз, ўатанымыздың белгили орынларын көремиз, деп әрман етип жасайтуғын едик. Бала-шаға деймиз. Той-мерекемиз көп. Берекет тапсын депутатымыз, оның басламасы менен районымызда ҳәр жылы саяхат ететуғынлар бар. Биз де саяхатта болып, Самарқанд, Бухара, Түркстанларды көрип келдик. Мың мәрте еситкеннен бир мәрте көрген абзал, деп бийкарға айтылмағанына гүўа болдық, – дейди Қоңырат районы “Қумбыз” мәҳәллесинде жасайтуғын нураний Лола Бозгланова.
Барлық нәрсе “Инсан қәдири ушын” принципи тийкарында алып барылып атырған жумыслар қатарында жасы үлкен нуранийларымыз ушын шөлкемлестирилген бул саяхат олардың елимиздеги қәдир-қымбатының бәлент екенлигиниң және бир көриниси болды. Усы мәнисте, кекселер қәдирленген шаңарақ ҳәм ғәрезсиз елде бәрқулла мийрим-шәпәәт, қут-берекет ҳәм тынышлық болады. Партиямыздың нуранийларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде әмелге асырып атырған басламалары да әне, усы ийгиликли мақсетти гөзлейди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги