Бийғәрез донорлық акциясы басланды

1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен Өзбекстан “Адолат” социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен Республикалық қан қуйыў орайында “Бар меҳиримиз саған, балажан!” сүрени астында 2-июньнан 13-июньға шекем өткерилетуғын бийғәрез донорлық акциясы басланды.
Акцияның тийкарғы мақсети – аўыр кеселликлерге шатылған ҳәм қанға мүтәж балаларды қоллап-қуўатлаў, олар ушын жетерли муғдарда қан резервин жаратыў болып табылады.
Акцияда ҳәр қыйлы тараў ўәкиллери, партия белсендилери, медицина хызметкерлери ҳәм белсенди пуқаралар қатнаспақта. Қан тапсырыў процеси санитариялық-гигиеналық талапларға толық әмел еткен ҳалда шөлкемлестирилген.
Бул илаж тек ғана балаларға жәрдем бериў емес, ал жәмийетте социаллық жуўапкершилик ҳәм адамгершилик сезимлерин беккемлеўге де хызмет етеди.
Қан тапсырыўға келгенлер арасында биринши мәрте донор болып атырған жаслар да, бул қайырлы исти дәстүрге айландырған тәжирийбели донорлар да бар.
– Қан тапсырыў – бул тек ғана медициналық процесс емес, ал инсан өмирин сақлап қалыў имканияты. Ҳәр жылы усындай илажларға қатнасыўды өзиме миннетли деп билемен. Балалар ушын ислеген ҳәр бир ийгиликли исимиз, әлбетте, қайтатуғынына исенемен,-дейди партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығының орынбасары Р.Отарбаев.
Акция қатнасыўшылары арнаўлы шыпакерлер тәрепинен қан тапсырыўдан алдын ҳәм кейин медициналық тексериўден өткерилди. Оларға қан бериў процеси ҳәм оның саламатлық ушын пайдалы тәреплери ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Өткерилип атырған бул бийғәрез донорлық акциясы кең жәмийетшилик тәрепинен қызғын қоллап-қуўатланбақта. Илажда ықтыярлы түрде келген пуқаралар менен бирге Айрықша жағдайлар министрлиги хызметкерлери де қатнаспақта.


1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен өткерилип атырған бул илаж республикамыз бойлап даўам етпекте.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги