Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигиниң мағлыўматларына қарағанда республикамызда 2025-жылдың зүрәәти ушын аўыл хожалығы техникалары толық оңланып, мәўсимге таяр ҳалға келтирилди.
Атап айтқанда, 157 ғәлле орыў комбайны 100 процент оңланып, мәўсимге таяр етилди. Басқа техникалардан 510 жүк автомобили, 1422 трактор тиркемеси, 158 көшпели устахана, 108 жанылғы тасыў транспорты мәўсимге таярланды.
Орынларда аўыл хожалығы техникаларының мәўсимге таярлығы көзден өткерилип, тийисли ўазыйпалар белгиленбекте.
Кегейли районында жоқары өнимли ғәлле орыў комбайнларының ғәлле орым-жыйын жумысларына таярлығы үйренилип, онда Агроинспекцияның Қарақалпақстан Республикасы басқармасының бөлим баслығы А.Айтжанов, райондағы жуўапкер басшылар ҳәм қәнигелер, отрядларға бириктирилген хызметкерлер, сондай-ақ, 6 ғәлле орыў комбайнларының операторлары қатнасты.
Мағлыўмат ушын, бул районда 2025-жылдың өними ушын 3970 гектар майданға ғәлле егилген. Усы майданларда жетистирилген ғәллени орып-жыйнаў мақсетинде 6 отряд шөлкемлестирилип, бул отрядлардың қурамына райондағы жуўапкер шөлкемлердиң хызметкерлери тартылды. Отрядларға 6 ғәлле орыў комбайнлары, зәрүр ғәлле тасыў машиналары бириктирилди.
Ғәлле орыў комбайны операторларына мәўсимди шөлкемлескенлик ҳәм зыянсыз өткериў бойынша тапсырмалар берилип, ҳәр бир операторға азық-аўқат өнимлери тарқатылды.
Шоманай районында да жетистирилген бийдай зүрәәтин толық ҳәм сапалы жыйнап алыў мақсетинде комбайнлардың техникалық жағдайын көзден өткериўге қаратылған көргизбели семинар шөлкемлестирилди.
Семинарға район ҳәкими А.Аметов, Республикадан бириктирилген жумысшы топар ағзалары, районлық аўыл хожалығы тараўының ўәкиллери ҳәм механизаторлар қатнасты.
Семинар даўамында тараў қәнигелери тәрепинен ғәлле зүрәәтин қысқа мүддетлерде жыйнап алыў бойынша усыныслар берилди. Комбайнлардың техникалық жағдайы, олардың ислеў механизмлери ҳәм қәўипсизлик қағыйдаларына айрықша дыққат қаратылды.
Ғәлле орым-жыйынында қатнасатуғын барлық комбайнлардың техникалық жағдайы толық тексерилиўи ҳәм зәрүр оңлаў жумыслары өз ўақтында әмелге асырылыўы режелестирилген.
Бул илажлар районларда жетистирилген бийдай зүрәәтин шығынсыз ҳәм қысқа мүддетлерде жыйнап алыўды тәмийинлеўге хызмет етеди.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги