Балалар байрамы кеўилли өткерилди

Күни кеше елимизде 1-июнь Халықаралық балаларды қорғаў күни кең түрде байрамланып, орынларда балалар ушын ҳәр қыйлы байрам илажлары шөлкемлестирилди.
ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен де 1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен “Саламат бала – ўатан келешеги” сүрени астында саламатлық илажлары болып өтти.
Бозатаў районы спорт мектебинде шөлкемлестирилген балалар саламатлығына бағышланған илажда 2010-2016-жылларда туўылған 40 тан аслам спортшы балалар спорттың “Бадминтон” түри бойынша өз-ара күш сынасып, жеңимпазлық ушын қызғын беллесиўлер алып барды. Онда ӨзЛиДеП Бозатаў районлық Кеңеси аппарат баслығы Бегдияр Қутлымуратов қатнасып, жас спортшыларды байрам менен қутлықлап, турақлы денетәрбия ҳәм спорт пенен шуғылланыўдың саламатлыққа пайдасы ҳәм әҳмийети ҳаққында айтып өтти.
– Ҳәммемизге белгили, компьютер технологиялары әсиринде, тилекке қарсы, балалар арасында ашық майданларда физикалық ҳәрекетти талап ететуғын ойынларды ойнаў азайып кетти. Нәтийжеде, бул олардың физикалық ҳәм психологиялық жағдайына белгили дәрежеде унамсыз тәсир көрсетпекте. Соның ушын да балаларды спорт түри ҳәм ойынларға көбирек ўақыт ажыратыўға шақырыў керек. Жеңил шынығыўлар ҳәттеки нәрестелер ушын да пайдалы есапланады, – дейди ӨзЛиДеП Бозатаў районлық Кеңеси аппарат баслығы Б. Қутлымуратов.
Қызғын беллесиўлерге бай болған жарыс жуўмағында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом, медаль ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.




Балалар өмиримиздиң даўамшылары, бизиң барлығымыз. Оларды қәстерлеп сақлаў, ҳәр тәреплеме бәркамал етип камалға келтириў ҳәр бир шаңарақ, ҳәр бир ата-ананың ўазыйпасы болып есапланады. Балалардың қәбилетин көрсетиў ҳәм мүнәсип хошаметлеў мақсетинде шөлкемлестирилген таңлаў балалар ушын ҳақыйқый байрамға айланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги