Шешилиўи тийис әҳмийетли мәселелер бойынша пикир алысты

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты Гулжан Халмуратова Шоманай районында бир қатар ушырасыўлар өткерип, дәслеп ол Кетенлер аўыл пуқаралар жыйынындағы мәҳәлле турғынлары менен ушырасты.
Онда район ҳәкими А.Аметов, Нызамшылық палатасының депутаты Руслан Джумамуратов, жуўапкер шөлкемлердиң ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Сәўбетлесиўлерде пуқараларға нызамшылықтағы жаңалықлар, парламентте инсаныйлық принциплери тийкарында пуқаралардың мәплеринен келип шығып, қабыл етилип атырған нызамлардың мазмун-мәниси түсиндирилди. Буннан тысқары, мәҳәлледе ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў ҳәм “социаллық профилактика” системасын дурыс шөлкемлестириў, той-мереке ҳәм мәресимлерде артықша ысырапгершиликке жол қоймаў және қабыл етилген нызамлар, Нызамшылық палатасында додалаўда турған нызам жойбарлары бойынша үгит-нәсият жумыслары алып барылды.
Соның менен бирге, халықтың машқалалары да үйренилип, усыныслар алынды. Соң халық ўәкили райондағы социаллық тараў объектлериниң бири болған Мамый аўыл пуқаралар жыйынындағы 3-санлы улыўма билим бериў мектебине барды. Сөйлесиў даўамында соңғы жыллары билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар, перзентлеримиздиң илимли, билимли, кәмил инсанлар болып жетилисиўинде мектепте оқыўшылар ушын жаратылған шараятлар бойынша мектеп администрациясы менен сәўбетлесип, олардың пикир-усыныслары тыңланды.
Ушырасыўлар даўамында Нызамшылық палатасының депутаты Гулжан Халмуратова жергиликли Кеңес депутатлары менен де ушырасып, турақлы комиссиялар тәрепинен алып барылып атырған жумыслар менен танысып, жумысты және де жанландырыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Халық ўәкилиниң ушырасыўы Хожели районында да даўам етти. Дәслеп ол Жайхун посёлкалық пуқаралар жыйынында болып, мәҳәлле жетилиги менен ушырасты. Усы мәҳәлледеги шаңарақ турғынлары менен сәўбетлесип, олардың үй алды қыйтақ жеринен нәтийжели пайдаланыў, қыйтақ жер дәрамат дәреги екенин билетуғын ҳәр бир шаңарақ ийесиниң тәжирийбелери, мәҳәлле халқының жерлерди суўғарыўдағы жумыслары ҳәм ушырасып атырған машқалалары, аймақты абаданластырыў жумыслары ҳәм ишки жоллардың оңлаўға мүтәж жағдайы үйренилди.
Ушырасыў усы райондағы социаллық тараў объектлериниң бири 48-санлы шаңарақлық поликлиникада да болды. Халық ўәкили медицина тараўының ўәкиллери менен сөйлесиў процесинде кейинги жыллары медицина тараўына қаратылып атырған итибар, әмелге асырылып атырған жумыслар, парламенттеги жаңалықлар, қабыл етилип атырған жаңа нызамлардың мазмун-мәниси бойынша да толық мағлыўматлар берип өтти. Буннан тысқары, бул шаңарақлық поликлиникада халыққа сапалы медициналық хызмет көрсетиў жумыслары, наўқаслар ушын жаратылған шараятлар ҳәм машқалалар үйренилип, пикир-усыныслар тыңланды.
Депутат Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы Хожели районындағы 17-санлы көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде де болып, ол жерде тәрбияланып атырған балалар ушын жаратылған шараятлар менен танысты.






Бул мәкемеде алып барылып атырған жумыслар үйренилип, логопед, дефектолог, шыпакер ҳәм тәрбияланыўшылар менен сәўбетлесип, олардың жумыс нәтийжелилигин арттырыў бойынша керек болатуғын методикалық қолланбалар, арнаўлы үскенелер ҳәм техникалық базаны беккемлеў ушын тийисли шөлкемлер менен биргеликте әмелий шешимлер көриўге келисип алынды.
Ушырасыўлар даўамында көтерилген машқалалар қадағалаўға алынып, оларды сапластырыў бойынша илажлар белгилеп алынды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги