Бажыханашылардың балаларына да байрам кешеси шөлкемлестирилди
287

Балалар – өмиримиздиң мазмуны, көзлеримиздиң қуўанышы. Олардың жүзиндеги күлки, көзлериндеги пәк нәзер ҳәм қуўаныш ушын ҳәр бир ата-ана дүньяны бериўге таяр.
“1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни” алдынан Бажыхана басқармасы тәрепинен де хызметкерлердиң перзентлери ушын байрам илажы шөлкемлестирилди.
Илаж шеңберинде Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрының дөретиўшилери тәрепинен спектакль тамашасы, мультфильм қаҳарманларының музыкалы шығыўлары, хызмет ийтлериниң қатнасыўында көргизбели шынығыўлар, сондай-ақ, шахмат, шашка, стол тенниси спорт түрлери бойынша жарыслар шөлкемлестирилди.




Кеўилашар бағдарламалар балалар аяқ ойыны ҳәм ҳәр қыйлы ойынларға уласып кетти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги