Жеңимпаз жаслар ушын мазмунлы саяхат

274

Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бирлескен комитетиниң баслығы Ж.Аяповтың басшылығында Тахтакөпир районындағы Қаратерең көлине саяхат шөлкемлестирилди.

Туризмди, әсиресе, ишки туризмди раўажландырыў бүгинги күнниң ең әҳмийетли мәселелериниң бири болып, елимизде бул тараўды раўажландырыў, усы бағдарда тийисли инфраструктураны дүнья стандартлары дәрежесинде жаратыў ҳәм туристлер ағымын арттырыў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Тахтакөпир районындағы Қаратерең көли де республикамыздағы дем алыўшылар ушын бурыннан киятырған ең көп адам баратуғын орынлардың бири еди.

Соңғы жылларда усы көл әтирапында әмелге асырылған, атап айтқанда, инфраструктураны жақсылаў, саяхатшылар ушын қолайлықлар жаратыў бойынша әмелге асырылған жумыслар бул жерге тек республикамыздан емес, ал басқа ўәлаятлардан да саяхатқа келиўшилердиң санын арттырмақта.

Президентимиздиң басламасы менен Қаратерең көли бойында жаңадан қурылған, ҳеш жерде уқсасы жоқ миллий колориттеги «Қаратерең» этно-туристлик комплексиниң қурылыўы халқымыздың миллий мийрасларына, тарийхына деген ҳүкиметимиздиң айрықша итибары екенлигинен дәрек береди.

Саяхатқа мәденият, спорт ҳәм туризм тараўы басшылары, усы күнге шекем республикалық көлемде кәсиплик аўқамлары тәрепинен шөлкемлестирилген жарысларда жеңимпаз болған жаслар қатнасты.

Олар Қаратерең көли, этноаўыл ҳаққында мағлыўматлар алып, қатар турған қара үйлерди тамашалап, таўға көтерилип саяхат етип, сүўретлерге түсип, бирге қосық айтып кеўилли дем алды.

– Мен кәсиплик аўқамлары тәрепинен Қаратерең көлине шөлкемлестирилген саяхатқа келгенимнен қуўанышлыман. Саяхат оғада жақсы, мазмунлы өтти. Алдын да бул жерге келип едим. Бул жердеги тәбият оға да сулыў, ҳаўасы жақсы. Қара үйлер де сулыў етип тигилген екен, гәп жоқ. Аўқатлары да мазалы. Усы саяхатты шөлкемлестирген кәсиплик аўқамларына миннетдаршылық билдиремен,-дейди Нөкис олимпиа ҳәм паралимпиа спорт колледжиниң паражеңил атлетика түри бойынша тренер оқытыўшысы Азиза Жолдасбаева.

Саяхатшылар ушын үлкен қара үйге дастурхан жайылып, олар стол әтирапында сәўбетлесип, пикир алысты.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги