Және еки жасқа мультикультиватор тапсырылды

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 23-сентябрьдеги “Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың турмыс абаданлығын арттырыў бағдарындағы илажларды жаңа басқышқа алып шығыў ҳаққында”ғы пәрманы ҳәм “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасын әмелге асырыў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳаққында”ғы қарарына муўапық “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасы қабыл етилип, онда республика дәрежесиндеги мәмлекетлик мәкемелердиң басшылары ҳәм олардың орынбасарларын ең аўыр жағдайдағы мәҳәллелерге бекитиў белгиленген еди.
Усыған муўапық, Өзбекстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлигиниң директоры И.Ергашевқа Хожели районындағы төрт мәҳәлле бириктирилип, бүгинги күнге шекем халықтың жумыс пенен тәмийинлениўи, жаслардың инновациялық ҳәм санлы технологияларға тийкарланған билим алыўы ҳәм кәсип-өнер үйрениўи, барлық қатламлардың медициналық ҳәм жәмийетлик хызметлерден пайдаланыўы ушын шараят жаратыў және халықтың қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланыўына жәрдемлесиў бағдарында жумыслар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, халыққа 100 мың түп мийўели нәл, 1100 данадан бел, кетпен, шелек сыяқлы мийнет қураллары, 4 дана инкубатор, сондай-ақ, аймақларда егислик жерлердиң сапасын және де жақсылаў мақсетинде 13 дана мотокультиватор бийпул тарқатылды. Буннан тысқары, мәҳәллелерде ыссыхана хожалығын раўажландырыў бағдарында ҳәр бир мәҳәлледе 100 данадан ыссыхана қурыў режелестирилген болып, қурылыс жумыслары жуўмақланған ыссыханалардан аймақ халқы өнимли пайдаланбақта.
Мине, усы ийгиликли ислердиң даўамы сыпатында, сондай-ақ, мәҳәлледе жаслар менен ислесиў мәселелерин муўапықластырыў бойынша республикалық комиссияның 2025-жыл 17-марттағы “Айрықша ислесисиў талап етилетуғын жасларды министрликлер, уйымлар, хожалық бирлеспелери, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары басшыларына бириктириў арқалы қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында”ғы мәжилис баянламасы орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қумжыққын ҳәм Әмиўдәрья АПЖ аймағындағы еки жасқа агентлик атынан мотокультиваторлар тапсырылды.
– Бүгин егислик жеримде пайдаланыўым ушын маған агентлик басшылары тәрепинен мультикультиватор тапсырылды. Бул нәрсе атызларда жумыс ислеўим ушын оға да пайдалы деп есаплайман,-дейди Әмиўдәрья АПЖ турғыны Сапарбай Нарбаев. – Басшыларымыздың бизге берип атырған усындай жәрдемлери, қол көмегиниң арқасында жумысларымыз жеңиллеспекте. Буннан оғада миннетдармыз.
Бул бағдардағы илажлар орынларда даўам етпекте.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги