Жас палўанларымыздың Азия ҳәм Жәҳән чемпионатындағы үлкен табысы

28-31-май күнлери Нөкис қаласындағы 1-санлы спорт мектебинде спорттың Белбеўли гүрес түринен Өзбекстан Республикасы Президенти сыйлығы ушын жас өспиримлер арасында Жәҳән ҳәм Азия чемпионаты болып өтти.
Жарыстың дәслепки күни Жәҳән чемпионаты бойынша беллесиўлер өткерилип, бул ҳаққында буннан алдынғы хабарларымызда толық мағлыўмат берген едик.
Өткерилген Азия чемпионатында ул балалар 10, қызлар 7 салмақ категориясы бойынша беллесип, онда қарақалпақстанлы жас палўанлар да жақсы нәтийжелерди қолға киргизди.


Атап айтқанда, ул балалар арасында 45 кг салмақта беллесиўлерге қатнасқан Исабек Бийсенбаев барлық қарсыласларын жеңип шығып, Азия чемпионы атанған болса, 50 кг да Жасурбек Муратбаев гүмис, усы салмақта беллесиўлерге түскен Бағдаўлет Дөңесов, 55 кг да Ерлан Қаллибек, 77 кг да Муўса Жумамуратов, 85 кг да Айдос Ержанов ҳәм +95 кг да Хожиакбар Раимбаевлар қола медалын қолға киргизди.
Ал, қызлар арасында болса, еки палўанымыз Азия чемпионлығына миясар болды. Атап айтқанда, 52 кг салмақта Гүлнур Аманбаева ҳәм 63 кг да Анелия Турдыбавалар барлық қарсыласларын жеңип шығып, спорт жанкүйерлерин қуўанышқа бөледи.

Сондай-ақ, бул жарыста 44 кг салмақта қатнасқан палўанымыз Балзийра Караматдинова гүмис, 57 кг да Жанат Боранбай, +70 кг да Арайлым Шараповалар қола медалын қолға киргизди.
-Белбеўли гүрес бойынша болып өткен Жиззақтағы Азия ҳәм жәҳән чемпионатына 5 спортшы қатнасып, соннан 2 палўанымыз Азия чемпионлығын, 3 спортшымыз жәҳән чемпионатының қола медалын жеңип алған еди,-дейди Өзбекстан белбеўли гүрес федерациясы Қарақалпақстан бөлиминиң атқарыўшы директоры Бөкенбай Садўақасов.-Ал, бүгинги өткерилген жәҳән чемпионатында болса, 3 спортшы қатнасып, соннан 44 кг салмақта Тумарис Қалабаева ҳәм -70 кг да Айсулыў Қыдырбаевалар жәҳән чемпионы атағына миясар болды. Азия чемпионатына болса, республикамыздан 21 спортшы қатнасып, соннан 3 спортшымыз алтын, 2 палўанымыз гүмис ҳәм 9 спортшы қола медальларын қолға киргизди. Команда ағзаларының усындай үлкен жетискенликлерге ерисиўинде өзим менен бирге, Қайрат, Асылбек ҳәм Қайнарбек Сариев, Шухрат Сарсенбаев, Ильяс Сейтмуратов ҳәм Есет Садўақасовлар өзлериниң салмақлы үлеслерин қосты. Буннан бизлер оғада қуўанышлымыз. Пурсаттан пайдаланып, усындай абырайлы жарысты республикамызда өткергени ушын ҳүрметли Президентимизге ҳәм республикамыз басшыларына үлкен рахмет айтамыз.
Өткерилген жарыс даўамында өз салмақ категориясы бойынша жеңимпазлар қатарынан орын алған спортшыларға медаль ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы