Үзликсиз кәсиплик раўажландырыўды шөлкемлестириў илажлары жетилистирилмекте

Қарар ҳәм оның орынланыўы
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 20-декабрьдеги “Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи хызметкерлериниң үзликсиз кәсиплик раўажланыў системасын жетилистириў ҳаққында”ғы қарары менен “Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи хызметкерлерин үзликсиз кәсиплик раўажландырыўды шөлкемлестириў тәртиби ҳаққында”ғы жаңа режеси тастыйықланған еди.
Режеде мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи хызметкерлерин үзликсиз кәсиплик раўажландырыў системасын шөлкемлестириў, олардағы кәсиплик шеберлик ҳәм маманлық дәрежесиниң турақлы өсиўи ушын зәрүр шараятлар жаратыў, заманагөй талапларға муўапық қайта таярлаў ҳәм турақлы түрде педагогикалық шеберлигин арттырып барыўдың нәтийжели механизмлерин енгизиў тийкарында хызметкерлердиң жоқары дәрежедеги үзликсиз кәсиплик раўажланыўын тәмийинлеўге бағдарланған ўазыйпалар белгиленген.
Сондай-ақ, педагог хызметкерлердиң 5 жылда бир мәрте мәжбүрий қәнигелик арттырыў курсларынан өтиўи, онда үзликсиз кәсиплик раўажландырыў (қәнигелигин арттырыў) курсының көлеми педагог қәниге хызметкерлер ушын 100 саат етип белгиленген.
Соның менен бирге Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң 2024-жыл 7-августтағы “Улыўма орта билимлендириў мәкемелери муғаллимлери ушын “Кәсиплик раўажланыў күни” ҳәм “Кәсиплик раўажланыў сааты” илажларын басқышпа-басқыш енгизиў ҳаққында»ғы буйрығына тийкарланып жыл даўамында үзликсиз кәсиплик раўажландырыў илажлары да шөлкемлестириледи. Педагоглар өз қәнигелигин тек ғана 5 жылда емес, соның менен бирге жыл даўамында да үзликсиз кәсиплик раўажландырыў илажлары шеңберинде арттырып барады. Улыўма орта билим бериў мәкемелери муғаллимлериниң үзликсиз кәсиплик раўажланыў илажлары қәнигелик арттырыў курслары аралығында ҳәр жылы шөлкемлестирилетуғын “Кәсиплик раўажланыў күни” ҳәм “Кәсиплик раўажланыў сааты” илажларынан ибарат болады. “Кәсиплик раўажланыў күни” ҳәм “Кәсиплик раўажланыў сааты” илажлары оқыў жылы даўамында ҳәптениң белгиленген күнлеринде, сондай-ақ, оқыўшылардың дем алыс күнлеринде өткериледи.
Ҳәр жылы Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен қәнигелик арттырыў курсларының жобасы тастыйықланады.
Быйылғы жылы Қарақалпақстан Республикасындағы мектеплерде хызмет етип атырған жәми 9369 педагог, соннан жоқары ҳәм биринши категориялы 2085, екинши категориялы ҳәм қәниге 7284 муғаллимниң қәнигелигин арттырыўы белгиленген.
Қарақалпақстан Республикасы Педагогикалық шеберлик орайында усы бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар, атап айтқанда орайдың жумыслары, үзликсиз кәсиплик раўажландырыў курсларының шөлкемлестирилиўи, профессор-оқытыўшылар тәрепинен сабақ барысында қолланып атырған заманагөй инновациялық технологиялар, тыңлаўшыларға жаратылған шараятлар менен ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин таныстырыў мақсетинде медиа-тур шөлкемлестирилди.
Медиа-турда ғалаба хабар қураллары ўәкиллери дәслеп Академиялық жумысты муўапықластырыў бөлиминиң жумыслары, пәнге байланыслы компетенцияларды қәлиплестириўде заманагөй оқыў процесин шөлкемлестириў усыллары «4 К» ҳәм «5 Е» модельлери, STEM қатнас жасаў усыллары менен танысты.
«Тиллерди оқытыў методикасы» кафедрасының доценти Б.Турымбетов ХХI әсир көнликпелери менен компетенцияларын раўажландырыў, оқытыўда «4 К» ҳәм «5 Е» модельлери, STEM қатнас жасаў, сабақларда креативлик ҳәм критикалиқ пикирлеўди раўажландырыўшы методларды пайдаланыў усыллары менен таныстырды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 30-сентябрьдеги тийисли пәрманына тийкарланып усы жылдың 1-мартынан баслап тәжирийбе-сынаў тәризинде республиканың алыс ҳәм шетки аймақларында жайласқан мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериндеги педагог кадрлар ушын мобиль қәнигелик арттырыў хызметлерин енгизиў белгиленген еди.
Мобиль қәнигелик арттырыў хызметлери негизинде шөлкемлестирилген автобуслар бир ўақыттың өзинде 14 педагогқа сабақ өтиў ушын оқыў орынлары, 10 ноутбук, 1 дана 65 дюймлы интерактив монитор, жазыў доскасы, 1 интернет тарқатыўшы қурылма WI FI роутер менен қайта үскенеленген. Бул автобустан узақ ҳәм шетки аймақларда жасайтуғын мәмлекетлик ҳәм жеке меншик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң педагог кадрлары ушын мобиль қәнигелик арттырыў хызметлерин көрсетиў, яғный үзликсиз кәсиплик раўажландырыў (“методикалық шеберлик күни” ҳәм “методикалық шеберлик сабағы”) илажларын тийисли аймақларға барған ҳалда өткериў, тренинг, семинар ҳәм басқа да илажларды шөлкемлестириў мақсетинде пайдаланылады. Педагогларға өзлери жасайтуғын ҳәм жумыс ислейтуғын орынларынан узақласпаған ҳалда үзликсиз кәсиплик раўажланыўы, билимлерин жаңалап барыўы арқалы мектепке шекемги билимлендириўдиң сапасын арттырыў имканиятлары жаратылады. Автобуслар тренинглер, семинарлар ҳәм әмелий сабақларды өткериў ушын барлық зәрүр үскенелер менен толық тәмийинленген.
Қатнасыўшылар STEM лабораториясындағы имканиятлар менен де танысты. Медиа-тур шеңберинде қатнасыўшылар заманагөй виртуал реаллық (ВР) технологиясы тийкарында жаратылған оқыў процесслери менен танысты. Виртуал көз әйнеклер жәрдеминде тыңлаўшыларға реал турмысқа жақынластырылған интерактив билимлендириў орталығы усынылмақта.
Бул технология арқалы оқыўшылар: қурамалы процесслерди визуал түрде түсиниўге, әмелий көнликпелерди қәўипсиз орталықта қәлиплестириўге, пәнлерге болған қызығыўшылығын арттырыўға ериспекте. Атап айтқанда, STEM (илим, технология, инженерлик, көркем өнер ҳәм математика) бағдарындағы сабақларда виртуал көзәйнеклер оқыўшылардың билимин беккемлеўде нәтийжели қурал болып хызмет етпекте. Бул технология муғаллимлер ушын да жаңа имканиятларды ашып береди – олар өз сабақларын және де жанлы, қызықлы ҳәм түсиникли етип алып барыўы мүмкин.
Медиа-тур даўамында қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.







Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги