«Имкон» шөлкеминдеги балаларға саўғалар тапсырылды

«1-июнь – халықаралық балаларды қорғаў күни» байрамы республикамыз бойынша орынларда кең түрде белгиленбекте.
Нөкис қаласындағы «Имкон» реабилитация орайына ийе мәмлекетлик көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде сәне мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасып, бул жерде тәрбияланып атырған балаларды байрам менен қутлықлады.
Айтып өтиў орынлы, бүгинги күни елимизде Өзбекстан Республикасы Президентиниң басшылығында балалардың билим алыўы, саламатлығының беккем болыўы, бәркамал инсан болып жетилисиўи ушын көплеген ийгиликли ислер әмелге асырылмақта. Ең шетки аймақларда да заманагөй балалар бақшалары, мектеплер, мәденият ҳәм спорт объектлери қурылып пайдаланыўға тапсырылып, оларда балаларымыз заман талабына сай тәлим-тәрбия алмақта.
Елимизде ҳеш бир бала итибардан шетте қалмайды. Аралбойы балалары ушын арнаўлы қурылған бул реабилитация орайына ийе балалар бақшасында да бир қатар тәрбияланыўшылар оқып билим алыў менен бирге, өз саламатлықларын тиклеп атыр. Орайда балалар ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылып, олардыӊ саламатлығы турақлы қадағалаўға алынған ҳәм бул жолда тәжирийбели медицина хызметкерлери менен педагог-тәрбияшылар күн-түни аянбастан хызмет ислемекте.
“Имкон” шөлкеминде өткерилген илажда республикамыз Басшысы тәрепинен балаларға байрам мүнәсибети менен саўғалар тапсырылды.






Байрам илажы балалардың атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги