Балалар байрамы кең түрде белгиленбекте

Нөкис районы Руўхый-ағартыўшылық сарайында 1-июнь-«Халықаралық балаларды қорғаў күни» мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.
Илажға район ҳәкими З.Зайтов ҳәм район жәмийетшилиги ўәкиллери қатнасты. Онда район ҳәкими сөзге шығып, балаларды байрам менен қутлықлап, оларға елимиздиң келешеги ушын хызмет ететуғын мүнәсип перзентлер болып жетисиўи ушын жақсы тилеклерди билдирди.

Илаж даўамында бир қатар спорт жарыслары өткерилип, усы жарыста жеңимпаз болған балаларды ҳәм белсенди мектеп ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми басшыларына район ҳәкимлиги тәрепинен таярланған байрам саўғалары тапсырылды.
Байрам илажы районлық мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери тәрбияланыўшыларының концерт бағдарламалары менен даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги