Мүрәжатлар тыңланып, терең үйренилмекте

Әмиўдәрья районы ҳәкимлигинде район ҳәкими С.Хўжаметов тәрепинен пуқаралардың мүрәжатлары бойынша қабыллаў өткерилди. Бул ашықтан-ашық сөйлесиўде район ҳәкиминиң орынбасарлары, тийисли бөлим ҳәм шөлкем басшылары, жергиликли кәрханалардың ўәкиллери ҳәм пуқаралар қатнасты, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети бөлими.
Қабыллаў даўамында пуқаралар тәрепинен түрли социаллық ҳәм экономикалық машқалалар бойынша мүрәжатлар билдирилди. Соның ишинде, материаллық жәрдем сораў, жумыс пенен тәмийинлеў, турақ жайларды оңлаўда әмелий жәрдем көрсетиў сыяқлы мәселелер көтерилди.
Мүрәжатлардың көпшилигине орнында унамлы шешим табылды. Қалған мәселелер бойынша болса таллаў ҳәм үйрениў жумысларының алып барылыўы, бар машқалалардың ҳәр тәреплеме көрип шығылыўы ҳәм белгиленген мүддетлерде әмелий илажлар көрилиўи ушын тийисли жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.

Мүрәжатларды шешиўде ашық-айдынлық ҳәм оперативлик принциплерине әмел етиў зәрүр. Сондай-ақ, бундай ушырасыўлар пуқаралар менен тиккелей сөйлесиў орнатыў ҳәм олардың талапларын тыңлаўда әҳмийетли қурал екенин атап өтти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги