Астана қаласы – глобал мәселелерди додалаў қызғын даўам етип атырған әҳмийетли сөйлесиў майданына айланды

1144

Қазақстан Республикасы пайтахтында Астана халықаралық форумы (AIF – 2025) болып өтпекте.

“AIF – 2025″те 600 ге шамалас сырт ел мийманлары, соның ишинде, жетекши сиясатшылар, халықаралық шөлкемлер, корпорациялар, инвесторлар ҳәм илимий жәмийетшилик ўәкиллери қатнаспақта.

Форум бағдарламасы заманымыздың тийкарғы машқалаларын қамтып алған. Илаж шеңберинде жалпы мәжилис ҳәм 25 додалаў ҳәм пикирлесиўлерге тийкарланған сөйлесиў майданлары шөлкемлестирилди.

Илаждың күни кеше болып өткен ашылыў мәресиминде Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Руанда, Арқа Македония Президентлери, басқа да мәмлекетлердиң бас министрлери, орынбасарлары, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.

70 тен аслам мәмлекеттен келген жетекши мәлимлеме агентликлери, телеканаллар ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери форум жумысын тиккелей сәўлелендирип бармақта.

Бүгин де форум өз жумысын даўам еттирмекте. Қазақстан Республикасына рәсмий сапар менен келген Италия Министрлер Кеңесиниң баслығы Жоржа Мелони Қасым-Жомарт Тоқаев пенен бирге форумның арнаўлы сессиясында қатнасты.

Италия Бас министри ҳәзирги геосиясий жағдай ҳәм регионаллық бирге ислесиў ҳаққында шығып сөйледи.

Бүгин Астанаға Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң сапары күтилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың мирәт етиўине бола 30-май күни Астана қаласында болып өтетуғын “Орайлық Азия – Италия” форматындағы жоқары дәрежедеги саммитте қатнасады.

Улыўма, бүгин Астана қаласы сыртқы сиясат ҳәм халықаралық қәўипсизлик, энергетика ҳәм климат өзгериўи, экономика ҳәм қаржы сыяқлы глобал мәселелерди додалаў қызғын даўам етип атырған әҳмийетли сөйлесиў майданына айланған.

Норгул Абдураимова, ӨзА

Ташкент – Астана