Быйыл Балалар спортын раўажландырыў қорының қаржылары есабынан 4 балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде ҳәм Нөкис қаласындағы Олимпиада ҳәм миллий спорт түрлерине қәнигелескен Жоқары шеберлик спорт мектебинде қурылыс, реконструкциялаў ҳәм капитал оңлаў, сондай-ақ, заманагөй спорт инвентарьлары менен тәмийинлеў жумыслары алып барылмақта. Әмиўдәрья районы «Олмазор» мәкан пуқаралар жыйынында, Қараөзек районы «Ғәрезсизлик» мәкан пуқаралар жыйынында, Шымбай районы «Шахтемир» мәкан пуқаралар жыйынында жайласқан балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеплери ушын 25х11 өлшемдеги жабық жүзиў бассейнлерин қурыў, Елликқала районы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң спорт комплексин реконструкциялаў ҳәм пайтахтымыздағы Жоқары шеберлик спорт мектебиниң 100 орынлық жатақханасын салыў әмелге асырылмақта. Бул объектлердиң қурылысы усы жылдың ноябрь айында жуўмақланып, пайдаланыўға тапсырылыўы режелестирилген.

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң хабар бериўинше, билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў мақсетинде 2018/2019 оқыў жылына 22 мектепте қурылыс жумыслары әмелге асырылды. Соннан бир улыўма орта билим бериў мектеби жаңадан қурылып, пайдаланыўға тапсырылған болса, 15 мектеп қайтадан реконструкцияланды, 6 билим дәргайы капитал оңланды.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.