ҚМУ- Қытайдағы академия менен меморандумға қол қойды

261

Алдын хабар бергенимиздей, Қытай Халық Республикасының Донгиинг қаласында «Yellow River Estuary» халықаралық бирге ислесиў ҳәм алмасыў бойынша дос қалалар конференциясы болып өтти.

Бул халықаралық илажда Қарақалпақстан Республикасы делегациясы менен биргеликте Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң халықаралық бирге ислесиў бойынша проректоры Т.Нурымбетов та қатнасып, сапар шеңберинде бир қатар әҳмийетли ушырасыўлар ҳәм сөйлесиўлер өткерди.

Атап айтқанда, конференция даўамында  «Сары дәрья дельтасы»  интеллектуаллық аўыл хожалығы техникасы санааты академиясы ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети арасында бирге ислесиў ҳаққында меморандумға қол қойылды.

-Бул ҳүжжет тәреплер арасында өз-ара илимий-изертлеў жойбарларын әмелге асырыў, профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлердиң академиялық алмасыўы, аўыл хожалығы технологиялары бойынша инновациялық жойбарларды биргеликте ислеп шығыў ҳәм әмелиятқа енгизиўди нәзерде тутады,-дейди ҚМУ проректоры Тимур Нурымбетов.- Бундай бирге ислесиў тек ғана университет көлеминде емес, ал улыўма алғанда, Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы илимий-билимлендириў байланысларын раўажландырыўға хызмет етеди.

Бунда аўыл хожалығы тараўында алдыңғы технологияларды тартыў арқалы Қарақалпақстанда аўыл хожалығы өнимдарлығын арттырыў ҳәм турақлы раўажланыўы тәмийинленеди. Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң халықаралық майдандағы белсене қатнасыўы, сырт елли бирге ислесиўшилер менен байланыслар, жасларымызға сапалы билим бериў, заманагөй илим жетискенликлерин өзлестириўде әҳмийетли орын ийелемекте. Бул қол қойылған меморандум университет тарийхында және бир әҳмийетли басқыш болып, халықаралық интеграция процесслериниң және бир әмелий көриниси болып есапланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги