«Анасай»ға жаңа баслық сайланды

248

Пуқаралар жыйынлары басшыларын сайлаў илажы Нөкис қаласындағы Анасай мәкан пуқалалар жыйынында да болып өтти.

Анасай МПЖ қаладағы шетки мәҳәллелердиң бири болып, ҳәзирги ўақытта онда 1128 хожалықта 5935 адам жасап атыр.

Сайлаўда усы аймақта жасаўшы 400 ден аслам пуқаралар қатнасып, дәслеп тәртип-қағыйдаларға бола пуқаралар жыйыны баслығын сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм оны өткериў бойынша жумысшы топар басшысы ҳәм пуқаралар ўәкиллеринен ибарат қурамда президиум ағзалары, санақ комиссиясы сайланды.

Анасай МПЖ баслығы лаўазымына талабанлар Гүлнара Есебаева, Баҳадыр Бекниязов ҳәм Аяпберген Айымбетовлардың баянатлары тыңланып, мийнет жолы ҳәм алдағы режелери туўралы мағлыўматлар берилди. Сөзге шыққан аймақ турғынлары да талабанлар туўралы пикирлерин билдирип өтти.

Сайлаў белгиленген тәртип-қағыйдаларға муўапық өткерилип, оның барысы комиссия ағзалары тәрепинен бақлап барылды.

Сайлаў нәтийжелерине бола Аяпберген Айымбетов сайлаўшылардың 234 даўысына ийе болып, 5 жыл мүддетке Анасай мәкан пуқаралар жыйыны баслығы лаўазымына сайланды.

Орынларда пуқаралар жыйынлары басшыларын сайлаў илажлары даўам етпекте.

 Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги