Медицинада грант қаржыларынан пайдаланыў мүмкиншиликлери кеңеймекте

199

Беруний районында медицинада грантлардың әҳмийети бойынша оқыў-семинары болып өтти.

Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Сыртқы бийғәрез жәрдем қаржыларын (грантларды) тартыў ҳәм донорлар менен ислесиў бөлиминиң бас қәнигеси Н.Абипов, Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң инвестицияларды тартыў ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳәм аутсорсингти раўажландырыў секторының бас қәнигеси З.Палўаниязова, Өзбекстан Мийирбийкелер ассоциациясының Қарақалпақстан бөлими баслығы Р.Мишенова ҳәм медицина хызметкерлери қатнасты.

Онда Беруний, Елликқала, Әмиўдәрья, Төрткүл районлық медицина бирлеспелериниң басшыларына Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги хызметкерлери тәрепинен, тараўдағы қарарлардың орынланыўын тәмийинлеў ҳәм грант бағдарламаларын үйрениў арқалы медицинаға жаңа жойбарларды алып кириў бойынша мағлыўматлар берилди.




Семинардың тийкарғы мақсети қатнасыўшыларға халықаралық грантларды излеў ҳәм шөлкемлестириў, грантлар ушын буйыртпалар таярлаў ҳәм тапсырыў, грант жойбарларын муўапықластырыў ҳәм басқарыў, қаржы, есап-санақ ҳәм грантлар бойынша есабат тапсырыў, грант жойбарларының нәтийжелилигин мониторинг етиў ҳәм баҳалаў, халықаралық донорлар ҳәм бирге ислесиўшилер менен өз-ара сөйлесиў мәселелери бойынша түсиниклер бериўден ибарат.

Сондай-ақ, семинарда Германия мәмлекетинен Беата Беррий ханым онлайн  қатнасып, сырт ел медицина мәкемелерине орта медицина хызметкерлерин таярлаў ҳәм шет тилин үйретиў және жумысқа тартыў бойынша кең түрде түсиниклер берди.

Семинар даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги