Астана қаласында нефть-газ тараўында төрт тәреплеме келисимге қол қойылды

Бүгин Қазақстан Республикасының Астана қаласында «Өзбекнефтьгаз» акционерлик жәмийети басқарма баслығы басшылығындағы делегацияның рәсмий ушырасыўлары өткерилди.
Жәмийет мәлимлеме хызметиниң мәлим етиўинше, бул сапар етиў шеңберинде делегация декарбонизация ҳәм турақлы раўажланыў басламалары бойынша төрт тәреплеме бирге ислесиў шәртнамасына қол қойыў мәресими ҳәм Қазақстан Президенти қәўендерлигинде өткерилген Астана халықаралық форумында қатнасты.

Ири келисимге «Өзбекнефтьгаз» АЖ, «ҚазМунайГаз» АЖ, Россияның «Татнефть» АЖ ҳәм Әзербайжанның SOCAR компаниясы арасында қол қойылды. Бул шәртнама нефть-газ тараўында углерод шығындыларын азайтыў, турақлы ҳәм экологиялық шешимлерди енгизиў, сондай-ақ, алдыңғы технологияларды турмысқа енгизиў бойынша биргеликтеги басламаларды әмелге асырыўды нәзерде тутады.
Әсиресе, «Өзбекнефтьгаз» АЖ ҳәм «ҚазМунайГаз» арасындағы шериклик избе-из раўажланып, және де жоқары басқышқа көтерилип атырғаны айрықша итибарға ылайық. Ҳәзирги ўақытта бирге ислесиў геологиялық-излеў жумыслары, газ-химия тараўын раўажландырыў, локализациялаў, инновация ҳәм экологиялық технологияларды кеңнен енгизиў сыяқлы бағдарларды қамтып алмақта.

Ушырасыўлар барысында тәреплер өз-ара мәплерди буннан былай да беккемлеп, жаңа жойбарлар ҳәм басламаларды әмелге асырыў нийетинде екенлигин билдирди. Бул процесс еки мәмлекет энергетика тараўының турақлы раўажланыўы ушын стратегиялық әҳмийетке ийе екенин және бир мәрте дәлилледи.
Астана қаласындағы ушырасыўлар «Өзбекнефтьгаз» АЖ делегациясы ушын «Татнефть» ҳәм SOCAR басшылары менен еки тәреплеме сөйлесиўлер өткериў имканиятын да жаратты.
Н.Зиёдуллаева ӨзАның хабаршысы